Нөкис районында 23-январь күни үш сыңар қыз дүньяға келди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги рәсмий сайты хабар берди.

Бул үш егизек «Ақтерек» МПЖ турғыны Жумамуратов Мурат ҳәм Меңлибекова Наргизалардың шаңарағын қуўанышқа бөледи.

– Өткен күни туўыў бөлимимизге келтирилген ана шыпакерлер жәрдеми менен нәрестелерин аман есен дүньяға келтирди, — дейди неонотолог шыпакер Нәмехан Баймуратова. – Ананың биринши перзенти саат 12:30да, екиншиси 1:15те, ал үшиншиси 4:30 да дүньяға келди. Нәрестелер ҳәм ананың саламатлығы жақсы, шыпакерлер бақлаўында.

– Мен жүдә қуўанышлыман ҳәм шыпакерлерден миннетдарман, — дейди үш қызды дүньяға келтирген ана Наргиза Меңлибекова. Жағдайым жақсы, нәрестелерим де саламат.

Бул қуўанышлы хабарды еситкен район ҳәкимлиги ананың ҳәм туўылған нәрестелердиң жағдайынан хабар алды. Район ҳәкими орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитети баслығы Сәрбиназ Абатова ананы қутлықлап, район ҳәкимлиги тәрепинен саўғалар тапсырды.

Бул сыңар қызлар шаңарақта дүньяға келип атырған үшинши перзентлер болып, биринши перзенти ул бала (Алпамыс) ҳәм екинши дүньяға келген перзентлер егизек (Айдана-Гүлдана) туўылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги