Ташкентте 24-январь күни БМШтың Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фонды басқарыў кеңесиниң дәслепки мәжилиси болып өтти.

Онда мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм мәкемелери, БМШ ҳәм оның структуралары, донор шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетинин баслығы Суҳроб Холмуродов ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Хелена Фрейзер алып барды.

– Бугин Арал апатшылығының ақыбетлери халықаралық жәмийетшиликтен жетерли итибарды талап етпекте, – деди С.Холмуродов. – Әсиресе, соңғы жылларда бақланып атырған Аралбойы аймағындағы экологиялық жағдай  бул бойынша барлық басламаларды  бирлестириў зәрүрлигин көрсетпекте.

С.Холмуродовтың қосымша етиўинша, БМШ қәўендерлигинде дүзилген Траст фондының биринши доноры сыпатында Өзбекстан турыпты. Оннан кейинги орында Норвегия. Япония да донорлық етиў тилегин билдирген. Ҳәзирги ўақытта донорлардың қатарын кеңейтиў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, түрли мәмлекетлердиң финанслық ресурсларына 80нен аслам мүрәжатлар жолланған.

Мәжилисте Траст фондының жумыс бағдарлары, бағдарламалық стратегиясы ҳәм басқа да тийисли тийкарлары көрип шығылды.

Фонд Аралбойы аймағындағы экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди раўажланлырыў ҳәм донорлар жәмийетшилигиниң қаржыларын мобилизациялаўда бирден-бир майдан болып хызмет етеди. Оның бағдарламалық стратегиясы болса Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында экологиялық, экономикалық, азық-аўқат, социаллық ҳәм халықтың саламатлығын тәмийинлеўге байланыслы машқалаларды шешиўге қаратылған.

Бул ушын 123,3 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы топланыўы режелестирилген. Усы қаржы тийкарында 2023-жылға шекем бир қанша ири жойбар  әмелге асырылады. Усыныслар тийкарында бул мүддет және де созылыўы мүмкин.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Жусипбек Казбеков шығып сөйледи.

– Өткен жылы май айында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жүз берген айрықша ҳәдийсени еске алайық, – деди Ж.Казбеков. – Сол ўақыттағы жаўын аралас дузлы боран ҳәр еки аймаққа да жаўған еди. Бүгинги күнде усындай апатшылықтын алдын алыў мақсетинде Аралдың қурып қалған аймақларында сексеўил ҳәм шорланыўға шыдамлы өсимликлерден ибарат мыңлаған гектар зарлықлар пайда етилмекте. Бул процессте Траст Фонды жәрдеминде жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды өз ишине алған жойбарлар әмелге асырылса, мақсетке муўапық болар еди.

Мәжилисте фондтың техникалық жумысшы топарының ағзалары бир даўыстан тастыйықланды.

Малоҳат Ҳусанова,

ӨзАның хабаршысы