Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги 2018-жылда жол-транспорт ҳәдийселеринде неше пуқара қайтыс болғаны ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады Kun.uz.

Министрликтиң мәлим етиўинше, 2018-жылда республикада жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде 2262 адам қайтыс болған (2017-жылы 2473, 2018-жылда 8,5% ке азайған), 8458 адам дене жарақатын алған (2017-жылы 9637 адам, 2018-жылы 12,2% ке азайған).

Сондай-ақ, 2018-жылы пиядалар ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшылары тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы бойынша 109280 қағыйда бузыўшыға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде нәзерде тутылған шаралар көрилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги