Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-январь күни 2019-жылы Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларға байланыслы мағлыўматлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы  2018-жыл 21-декабрь күни халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң гезексиз сессиясында пайтахтымызға ири бизнес ўәкиллерин ҳәм потенциалы жоқары инвесторларды тартыў, қалада ең қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў зәрүрлигин атап өткен еди.

Соған муўапық, усы жылдың 4-январь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ташкент қаласын инфраструктуралық раўажландырыўға тиккелей инвестицияларды тартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарарға бола, 2019-жылы Ташкент қаласы экономикасына 2 миллиард 700 миллион доллар муғдарында тиккелей сырт ел инветицияларын тартыў, соның есабынан 273 жойбарды әмелге асырыў белгиленген.

Таныстырыўда бул жойбарлардың тараўлары ҳәм орынлары, қаржыларды өзлестириў мүддетлери талланды.

Мәселен, металлургия, тоқымашылық, азық-аўқат, қурылыс, фармацевтика, нефть-химия ҳәм басқа да санаат тармақларында жәми 115, хызмет көрсетиў тараўында 103, турақ жайлар бағдарында 55 жойбар режелестирилген. Бул 37 мыңға шамалас жумыс орнын жаратыў ҳәм халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў имканиятын береди.

Президентимиз жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигине ҳәм социаллық әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Сырт ел инвесторларына жәрдемлесиў, жойбарлардың белгиленген мүддетлерде әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша көрсетпелер берди.

Инвестиция болмаса, экономика раўажланбайды. Инвесторларға орталық, инфраструктура жаратсақ, жумыс орны болады, өним көбейеди, салық түседи. Кәрханалардың жумысын буннан былай да раўажландырыўға итибар қаратыў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы 8-январь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде инвестициялардың тийкарғы бөлегин өзлестириўди жылдың кейинги айларына қалдырыў әмелиятына шек қойып, барлық тармақлар ҳәм аймақларда буны биринши ярым жыллықта кеминде 35 процентке, тоғыз айлықта 70 процентке жеткериў бойынша тапсырма берген еди. Усыған муўапық, Ташкент қаласында да быйылғы инвестициялардың 70 процентин I-III шереклерде өзлестириў режелестирилген. Ҳәр бир жойбардың басқышлары, жуўапкерлери ҳәм мүддетлери анық белгиленген.

Таныстырыўда инвестициялық жойбарларды  әмелге асырыўды мониторинг етиў ҳәм қадағалаў механизми ҳаққында да айтып берилди. Оған бола, Ташкент қаласы прокуратурасы басшылығында пайтахтымыздың ҳәр бир районында жумысшы топарлар дүзилген. Инвесторларға жер ажыратыўдан баслап, жойбар пайдаланыўға тапсырылғанға шекем болған барлық басқышлардығы илажлар анық белгилеп қойылған. Бул жойбарларды рәсмийлестириў ҳәм әмелге асырыў процесинде ашық-айдынлық, объективлик тәмийинленеди, коррупцияға жол қойылмайды.

Шавкат Мирзиёев жойбарларды қоллап-қуўатлаў, оларды әмелге асырыўда жүзеге келетуғын мәселелерди оператив шешиў, кәрханалар иске түскеннен кейин де олардың нәтийжели жумыс алып барыўына жәрдем бериў зәрүрлигин атап өтти.

Ташкент экономикасына байланыслы және бир жаңалық – Сергели районында 100 гектардан аслам аймақта Европа стандартлары бойынша заманагөй индустриаллық технопарк иске түсириў режелестирилген. Буның инвесторлар ушын қолайлылығы сонда, барлық имаратлар менен объектлер толық таяр ҳалда тапсырылып, зәрүр инфраструктура менен тәмийинленеди.

Бүгинги күнде технопаркти жойбарлаў жумыслары баслап жиберилген, ҳәзирден-ақ 85 процент жер исбилерменлерге ажыратып берилген. Бул жерде 10 миллионнан аслам жумыс орнын жаратыў белгиленген.

Жуўапкерлерге  технопаркти тезирек иске түсириў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ташкент қаласында коммуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў, инженерлик-коммуникация тармақларын модернизациялаў мәселелерине де итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Юнусабад районындағы көп қабатлы жайларды басқарыў системасын тәжирийбе тәризинде профессионал басқарыў компанияларына өткериў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Юнусабад районында 1 мың 212 көп қабатлы жай бар. Реже бойынша, бул жайларға хызмет көрсетиў профессионал басқарыў компанияларына бериледи. Соның нәтийжесинде системадағы финанслық жағдайды жақсылаў, машқалалы кредитлерди шешиў, материаллық-техникалық базаны беккемлеўге ерисиў нәзерде тутылған. Сондай болғаннан кейин, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў де жақсыланады, күни-түни ислейтуғын авариялық-диспетчерлик хызмет жолға қойылады.

Президентимиз көп қабатлы жайлардың жағдайы, адамлардың разылығы бул системаға байланыслы екенин атап өтип, усы тәжирийбени қаланың басқа районларына да енгизиў, тараўға қәнигелескен кадрлар таярлаўды жетилистириў бойынша тапсырмалар берди.

Ташкент қаласында заманагөй жайлар, мийманханалар, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери және басқа да имаратлар қурыў, ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў, коммуналлық хызметлер басқармасы орайын шөлкемлестириў жойбарлары бойынша да тийисли көрсетпелер берилди.

ӨзА