ГЁТЕ

(1749-1832)

 

Пүткил адамзаттың қайғы-шадлығын

Көтерип жүремен өз жүрегимде.

Гёте.

 

Иоганн Вольфанг Гёте Германияның Майн жағасындағы Франкфурт қаласында туўылған. Лейпциг университетинде оқыған. Веймар герцоги шайырды өз ҳүкиметине шақырып, оған министрлик лаўазымлар, атақлар береди. Бирақ Гёте көп узамай бул жумысларды, герцогтың ҳүкиметин таслап, жасырын ат пенен Римге қашып кетеди ҳәм онда өзин толғандырып жүрген шығармаларын жазады.

Гётениң поэзиясында терең гуманистлик, философиялық қосықлар, поэмалар, тәбият лирикасы кең орын алады. Ол «Жас Вертердиң жан азабы» атлы сентименталлық роман, пьесалар, театр ҳаққында  изертлеўлер жазған, ол тәбияттаныў илимин заманында терең билген.

Уллы немис шайырының шығармалары арасында «Фауст» трагедиясы пүткил дүньяға мәлим. Адамгершилик пазыйлетке және азат жасаўға болған жалынлы қуштарлыққа толып тасқан бул даңқлы шығарма жер жүзилик әдебият ғазийнесинен үлкен орын алады.

 

ЖОЛАЎШЫНЫҢ ТҮНГИ ҚОСЫҒЫ

Қараңғы түнде туў анда

Қалғып асқар таў турар.

Толықсып салқын думанда,

Ойпатлар жым-жырт маўжырар.

 

Жапырақлар да қозғалмас,

Гүзар жолда тынар шаң…

Сабыр етип тур азмаз,

Сен де усылай тынарсаң…

 

ҲАФЫЗҒА

О, сен Ҳафыз! Сениң менен қай адам

Таласа алар теңликке?

Зуўлар кемең ушқан қустай қыядан,

Қақ айырып кеңликти.

 

Қорқынышсыз сиңип теңиз төрине,

Желқомың пәт алады.

Көксин керип күшли даўыл өрине,

Қайтпай жүзип барады.

 

Гейде қосығың бир салқын леп таратып,

Ағыс болып сарқырар.

Жалын болып гейде ушқын боратып,

Жүрегимди шарпыған.

 

Шық жарқырап мақтаныштың Шолпаны,

Қуй денеме күш-дәрман.

Түслериме енген Ҳафыз мәканы,

Мен де саған қуштарман’

 

ЗУЛЕЙХАҒА

Наз ҳәм жылўа менен жүз әлўан дөнип,

Бир сениң кеўлиңди табалмай сонша, –

Ышқы азабында тынбай өртенип,

Мезгилсиз солады есапсыз ғумша.

 

Бармақтай шийшеге толтырып әтир,

Саған бериў ушын өзиниң жупарын, –

Қанша өсимликлер өлип баратыр,

Сен ушын бийнышан тәрк етип бәрин?

 

Сергек нәпес алған қанша өмирлер,

Сөйтип, пидә болды гүл дийдарыңа?

Сен деп албырасып ғошшақ бүлбиллер,

Татлы үн излейди намаларына.

 

Лекин, сен жылама, ышқы ҳүкиминде,

Ким қурбан болса, налымас оған.

Қәҳәрли патшаның ғәзебинен де

Бийҳуўда қырылған ғой есапсыз адам!

***

… Дурыс емес׃ гөззал тәбият ҳәм де нәўбәҳәр

Жер – аспанның көринисинде десең егер де.

Тәбият та, нәўбәҳәр де сен бар жерде бар,

Периштем, тек сен жүрген жерде.

 

ШИЛЛЕР

(1759-1805)

 

Толып тасқан ғошшақ мәрдана инсан

Дүньяға жәриялар өз гөззалығын.

Шиллер.

 

Фридрих Шиллер – уллы немис шайыры ҳәм драматурги, искусство теоретиги Германияның шеткеридеги Марбах деген кишкене шәҳәринде әскерий фельдшер семьясында туўылады. Ол өз өмиринде көп тарығыўларды, герцогтың күшли идеялық душпанларының қуўдалаўларын көрген.

Шиллердиң лирикалық қосықлары ҳәм әжайып балладаларынан басқа оны дүнья театрларына алып шыққан «Қарақшылар», «Дон Карлос», «Мәккарлық ҳәм муҳаббат», «Орлеан қызы», «Мария Стюарт», «Вильгельм Телль» трагедиялары ҳәзир де жер жүзи театрларында үлкен қызығыўшылық пенен көрсетиледи.

Шиллер өзиндей уллы заманласы Гёте менен жақын қатнасықта болған.

Азатлыққа умтылыў, адамның инсанлық пазыйлетин жоқары қойыў сезими Шиллер шығармаларының терең гуманистлик идеясын  биняд етеди.

 

ҚОЛҒАП

Баллада

Ай-ҳай дүнья, қызық көп-аў өзинде!

Король – патша берилип мәс сезимге,

Таластырып қамап қойған аңларын,

Қызық көрер иши пискен гезинде.

Баронлары, қонақлары, баласы

Ҳүкимдардың қапталына жарасып,

Бийик балкон – шардәреге шықты да,

Турды бәри тамашаға қарасып.

Рыцарлар ерлик даңқы танылған,

Көзлеринде ышқы оты жалынлар.

Қызық көрмек болып қуўдай сызылды

Зер липаслы үлбиреген ханымлар.

 

Король бир ишарат берди бир пәсте,

Темир тор қапысы ашылды әсте,

Маң-маң басып шықты жайсаң арыслан,

Бир ақырып қойды айбатлы түсте.

Арты жиңишке, бас бети дәўсебендей,

Көз қарасы шайналмастан жегендей,

Дәл ортаға жатып алды созылып,

«Батыр болсаң, жантасып көр» дегендей.

 

Король бир ишарат берди тағы да,

Екинши темир тор ашылды сонда.

Ғарғып шықты жаў жүрекли жолбарыс,

Бата алмады бирақ ол арысланға.

Аң патшасын көрип, былғап қуйрығын,

Күткендей-ақ оның ҳәмир-буйрығын,

Бир-еки бақырып, тумсығын жалап,

Өзинен күшлиниң шалғандай ығын,

Ол ҳәм жатты. Король буйырды және,

Үшинши темир тор ашылды мине,

Еки қаплан-барыс шыға секирди,

Бийғам жатқан жолбарыстың үстине.

Жолекең оларды қағып таслады,

Арыслан көз ашып, оны хошлады.

Қапланлар да күш атасын сезген соң,

Ырылдап, қыйпаңлап жата баслады.

 

Тынышлықта сөйтип аз ўақыт өтти,

Турған журттың сабыр-тақаты питти.

Жыртқыш аңлар жатқан жерге бир ўақта

Балконнан бир қолғап түсти де кетти.

Дем жетпей турғанда ескендей самал,

Журт селк етип, таңырқасты сол мәҳәл.

Сонда қасындағы өз жигитине

Мыйық тартып күлди бир сайыпжамал.

Мәккар күлки менен қыйылып қатты,

Шийрин зибан менен сулыў тил қатты׃

«Ырас болса, – деди мени сүйгениң,

Әкелип бер түсип кеткен қолғапты».

Жигит үнсиз түсип кетти балконнан,

Жыртқышлар үстине кирди де, соннан-

Тикке барып, алып қайтты қолғапты,

Арыслан ҳәм жолбарыстың алдынан.

Ханымлар «шуў» етип, ҳүрреси ушты,

Ҳәтте, еркеклер де ҳаўлыға түсти.

Гөр аўзынан аман қайтқан жас жигит,

Мақтаўларға қулақ аспады ҳеш те.

Ашығының салқын қарап көзине,

«Алғысың ардана болсын өзиңе»,

Деп, әжелден алып келген қолғапты,

Ылақтырды сулыў қыздың жүзине.

 

БЕСИК БАЛАСЫ

Бахытлы ғой нәресте,

Тар бесик те кең оған.

Теңиз тасып кетсе де,

Тобығына тең оған.

 

Өсе берсин’ Соң еле

Көресинди көрер ол׃

Кеп-кең дүнья тарылып,

Орын таппай жүрер ол…

 

СОЛДАТ ҚОСЫҒЫ

Қәне, шаққанырақ атланып, дослар!

Майданға! Инабатлы ерк майданына!

Онда күтер мени тәғдир я ығбал, –

Ҳәзир сол сезилер жүрек  жаныма!

Ҳешким қорған болмас саўашта маған,

Өзимди қорғайман тек өзим мудам.

 

Дүньяда еркинлик жоқ! Ҳүкимдар өзи

^нсиз – бағынышлы қуллары езер;

Жөгилик, мәккарлық, алдаў ғәрези

Жүрексиз жанларға ҳәмирин жүргизер.

Әжелге бетпе-бет турған азамат –

Бир ғана адам бар… Ол ким? Ол – солдат!

 

Тиришилик деп тырбаныў оған намақул,

Оған жат қорқақлық, қайғы-уўайым.

Тәғдирди шайқасқа шақырар батыл

Ҳәм есапласыўға бәрҳама тайын!

Ертең жоқ… Ал, бүгин кәсамыз толы,

Симиремиз түбине  дейин биз оны!

 

Аспан қуласа да солдат шадыман,

Қыйынлықтан қашыўды ол билмейди.

Гөр қазып атырса ҳаўлықпас оған.

Жерден көмек ашып атырман дейди׃

Қазар қумбыл болып қашан питкенше,

Қәбир екенине көзи жеткенше.

 

Ол жүйрик ат пенен қуйындай зуўлап,

Күтпеген миймандай қорғанға келер;

Иште той, ал тыста өрт жанар лаўлап,

Солдат шақырыў күтпес, ишкери енер.

Ҳәм қалың бермей-ақ есаплап пулын,

Жулар ат үстинен муҳаббат гүлин!

 

Сулыў қайғы шексе таппай жубаныш,

Жибер! Сүйдиресең бе, сүймесе, зорлап?

Үйдиң ҳәзлигине солдат бийтаныс,

Қайғырмас  ондайға жүреги сызлап…

Солдат кетер ерип тәғдир-бийкешке,

Тынышлық, баспана излемес ҳеш те.

 

Шаққан, шаққан, дослар! Атларды ертлең!

Бассын жүрек ҳәўирин қызғынлы саўаш…

Жас өмир кәнарынан төгилер ертен,

Көпирип турған гезде тартпасаң болмас.

Өмириңди тик, қәне, қорқыўды билмей,

Өйтпесең ойында утпайсаң, ҳей-ҳей!

 

КОЛУМБ

Өрле алға, мәрт жүзиўши!

Наданлар саған –

Күлсин мейли, сен гүресте

ҳарымас дарға.

Тарт батысқа! Жер ашылыўы

тийис ол жақтан,

Нурлы ақылың сезип соны,

шықтың сапарға.

Ақылың – дарға, исен оған,

гез океанды.

Әне, толқын арасынан

жер көзге түсти…

Бузбас тәбият ҳәм даналық

мәңги аўқамды׃

Бири айтса, бири соны

асырар иске.

 

ГЕЙНЕ

(1797-1856)

Немис шайыры Генрих Гейне жер жүзилик лирикалық поэзия дүньясындағы ең уллы шайырлардың бири. Өмир сулыўлығын, оның романтикасын әжайып шайырлық шеберликте жалынлы қумарлық пенен жырлаған Гейне заман қысыўметлерине нәлет тасын жаўдырып, әдалатсыз, кертартпа, реакцион үстем топарларды қылыштай өткир, гүресшең сатира менен түйрейди. Ҳақыйқатлық, әдалатлық ушын қара күшлерге қарсы мәртлик гүрес отын ашқан шайырды үстем  топарлар өз ўатаны Германиядан қуўып жиберди ҳәм Гейне Парижде жасап өлди.

***

Арқаның жабайы жартас шыңында

Қула дүзде бир түп қарағай турар.

Шайқалып қалғыйды қарлы боранда,

Жалғызсырап турғандай болар.

 

Оның түсине енер׃ узақ шөллерде

Күйдирип қубланың ыссы қуяшы,

Өзиндей жеккелик жанына тийген

Турар бир әжайып пальма ағашы.

 

АҚЫЛ ҲӘМ КЕЎИЛ

Ақылым айтар׃ «сен ақмақ болма,

Белгиленген шегараңды бил.

Аманатқа қыянет қылма,

Асқынлама, ушқалақ кеўил».

 

Кеўил айтар׃ «ышқысыз адам, –

Адам ба сол?» дейди ақылға.

«Ышқы есап  бермейди саған,

Күйдиремен, қәне, жақынла».

 

Ақылым айтар׃ «ышқың – үмитсиз,

Ол сүймейди, тек күлер саған

Болма өйтип журтқа ҳүрметсиз,

Не керегиң бар сениң оған!»

 

Кеўлим айтар, «өз өмиримде

Қанша жыллар изледим оны!

Безе  алмайман оннан тиримде,

Маған рәҳәт оның күлгени.

 

Қанша жыллар мени қул етип,

Торсыз қәпесинде усладың.

Түнлерде сен изимнен жетип,

«Қайт жолыңнан» деп те қыстадың.

 

Жанғанында ҳәўижге жетип,

Ышқы есап бермес ақылға.

Өртеп жиберемен күл етип,

Қәне, қасыма бир жақынла’»

 

ГИМН

Мен қылышпан, мен жалын!

 

Қараңғыда мен сизлерге,

Нур шашып жол жақтырдым,

Саўаш басланған жерде

Алдыңғы сапта турдым.

 

Жатыр мине айналамда

Жолдасларымның лашы.

Жеңип шықтық биз, бирақта,

Жатыр жайрап әтирапта

Жан досларымның лашы.

 

Жерлеў маршы араласқан

Шадлы жеңис сайран-шуўға,

Бирақ ўақтымыз жоқ ҳаслан

Қуўаныў я қайғырыўға.

 

Барабанлар қағылды дүрс-дүрс,

Басланды мине жаңадан урыс.

Мен жалынман, мен қылыш!

***

Өмир деген өтер кетер,

Кеткен өмириң қайтып келмес.

Бирақ мениң жүрегимде

Ышқы оты мәңги сөнбес.

 

Бир ғана ирет көрип сени,

Аяғына жығылып демде,

«Мадам, сизди сүйемен!» – деп,

Сыбырлар едим өлеримде.

***

Даўыл уйытқып майданда,

Қақсын мейли айнамды,

Мейли, жерди көмсин қар.

Даўылдан жүрек қорықпайды.

Өйткени, онда жасайды –

Сүйген яр ҳәмде нәўбәҳәр.

***

Гөззал бәҳәр айы келгенде,

Гүллер тағы ашылар гүўлеп.

Сонда мениң жас жүрегимде

Оянады туңғыш муҳаббат.

 

Гөззал бәҳәр айы келгенде,

Қуслар сайрар, тоғайда шаўқым.

Сонда ышқы тутанып мен де,

Жүрегимде артады заўқым.

***

Ҳаял болсаң  егер мендей шайырға,

Басқалардан болар  сенде айырма.

Дарқан жасап, еркин өмир сүрермиз,

Талай қызық концертлерди көрермиз.

 

Мейли қыйна, пул талап ет, мейли сөк,

Мыңқ етпеймен айдасаң қай таманға.

Бирақ меннен айырылысқың келсе, тек, –

Бир ғана ирет қосығымды жаманла…

***

Сан-санақсыз жулдызлар көкте

Мәңги үнсиз жанады тек те,

Бир-бирине қарар муңайып,

Ышқы дәрти бардай жүректе.

 

Ҳәм сөйлесер бир-бири менен,

Үнсиз ғана сырлы тил менен.

Ҳеш лингивист олардың тилин

Түсинип я уғып көрмеген.

 

Бирақта, мен сол тилдиң сырын

Уға билдим ҳәммеден бурын.

Грамматикам болды ол мениң,

Үйренерде ашықлық тилин.

***

Көзлеримнен төккен жасымнан,

Көп шырайлы гүллер өнеди.

Мен гүрсинсем, ҳәр шеккен налам

Бүлбил пығанына дөнеди.

 

Жаным, егер сен мени сүйсең,

Сол гүллерди саған берейин.

Таң сәҳәрде айнаңнан кирип,

Бас ушыңда сайрап жүрейин.

 

Ибрайым ЮСУПОВ аўдармалары