2017-жыл 2-3-ноябрь күнлери Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығы Дмитрий Медведев басшылығындағы делегация рәсмий сапар менен Өзбекистанда болады.

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия делегациясын қабыл етеди.

Сапар етиў шеңберинде көп қырлы өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, оларды анық мазмун менен байытыўдың перспективалы бағдарларын додалаў ушын ҳүкиметлераралық сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.

Дмитрий Медведев, сондай-ақ, Ташкент қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасады.