Усы жылдың 23-январь күни саат таңғы 05:30 лар шамасында Шымбай районы «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтип турған «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» 4Р-176 автомобиль жолының 64-километринде «Spark» автомобили қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң бизге мәлим етиўинше, автомобильди Нөкис қаласы «Саманбай» елатында жасайтуғын, пуқара Т.М. басқарып киятырып, оны аўдарып алған. Автомобиль ишинде пуқара Т.М. дан басқа еки жолаўшы – Қараөзек районында жасайтуғын, пуқара Ж.И. ҳәм Тақыятас районында жасайтуғын, пуқара О.З. болған.

Жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пуқара Ж.И. дене жарақатын алып, емлеўханаға түскен болса, пуқара О.З. алған дене жарақатлары ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.