Өзбекстан Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы қарары тийкарында Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Арнаўлы факультети Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар ҳәм байланыс әскерий институты етип қайта шөлкемлестирилди.

Қорғаныў министрлиги баспасөз хызметиниң хабарлаўынша, Өзбекстандағы биринши әскерий институт Қорғаныў министрлигиниң мәмлекетлик жоқары әскерий билимлендириў мәкемеси болып, ол алты бағдар бойынша тактикалық буўындағы офицер кадрларды еки жыллық таярлаўды әмелге асырады:

 

– байланыс бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги;

– арнаўлы байланыс ҳәм мәмлекетлик сырларды қорғаў тактикалық командирлик-инженерлиги;

– мәлимлеме системалары ҳәм технологиялары тактикалық командирлик-инженерлиги;

– радиоэлектрон разведка ҳәм гүресиў тактикалық командирлик-инженерлиги;

– ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў радиотехникалық бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги;

– ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў зенит-ракета бөлимлериниң тактикалық командирлик-инженерлиги.

 

Сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилген әскерий институт Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети арнаўлы факультетиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнама бойынша ҳуқықый даўамшысы болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги