Қырғызстан ҳүкимети ишки рейслерге хызмет ететуғын еки самолёт сатып алыў режесин дағазалады. Бул ҳаққында парламенттиң транспорт, коммуникациялар, архитектура ҳәм қурылыс мәселелери бойынша комитетинин мәжилисинде бас министр Қубатбек Боронов мәлим етти.

Пуқаралық авиациясы мәмлекетлик агентлигинин директоры Қурманбек Акишев ҳүкимет басламасына түсиник берип, самолётлардың маркасы ҳәм баҳасы ҳәзирше анықланбағанын айтты. «Самолётлар сатып алыў усынысы берилди. Қарарды ҳүкимет қабыл етеди. Олар еки ай сорады. Бул мүддет ишинде олар қарарды қабыл етеди», – деди Акишев.

Боронов шығып сөйлеген комитет, «Air Kyrgyzstan» авиакомпаниясы менен жүзеге келген жағдайды додаламақта. Фирма акцияларының 49 проценти ҳүкимет тәрепинен сатыўға қойылды. Мәмлекетлик мүлкти басқарыў қоры авиакомпаниянын жағдайын жүдә аўыр, деп баҳалады ҳәм жағдайдан шығып кетиў ушын активлерди авиациясы анағурлым раўажланған мәмлекетлерге сатыўды усыныс етти.

ӨзА