Қазақстан парламентиниң ағзасы Азат Перуашев мәмлекеттиң бас министри Бакитжан Сагинтаевқа республиканын атын өзгертиўге байланыслы усынысты көрип шығыў бойынша депутат сораўын жиберди. Усыныста Қазақстанға Қазақ Республикасы сыпатында қайта атама бериў нәзерде тутылған.

«Sputnik Kazakhstan»ның жазыўынша, бул усыныс Қазақстан Республикасының бурынғы аўқам қурамында дүзилгенине 2020-жылы 100 жыл толыў мүнәсибети менен киргизилген.

«Ақ жол» партиясының басшысы болған Перуашев сондай-ақ, үлкен сәнеге бағышлап илимий әнжуманлар шөлкемлестириў, почта маркаларын ҳәм теңгелер шығарыўды усыныс еткен.

Депутаттың еслетиўинше, мәмлекеттин атын рәсмий түрде өзгертиў мәселеси Нурсултан Назарбаев тәрепинен 2014-жылы көтерилген.

«Sputnik Kazakhstan»ның тастыйықлаўынша, сол ўақытта мәмлекет басшысы келешекте Қазақстан атамасын Қазақ Ели тәризинде өзгертиўи мүмкин екенин билдирип, бул атама көбирек тартымлы екенин атап өткен.

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА