USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САПАР ЕТИЎ ШЕҢБЕРИНДЕ ЕРИСИЛГЕН КЕЛИСИМЛЕР ӨЗБЕКСТАННЫҢ МӘПЛЕРИНЕ ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

 

Өзбекстанның сыртқы сиясат тараўындағы реформалары, барлық еллер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў жолын таңлағаны елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Германия Федеративлик Республикасына рәсмий сапары даўамында бул және бир мәрте дәлилин тапты.

Сапар етиў даўамында Берлин ҳәм Мюнхен қалаларында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде өз-ара пайдалы шериклик қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Бул Өзбекстандағы реформалар Германияда да үлкен қызығыўшылық оятып атырғаны, усы ел мәмлекетимиз бенен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў, экономиканың жетекши тармақларына алдыңғы технологияларды және де кеңнен енгизиўге умтылып атырғанының айқын көриниси болды.

Өзбекстан Республикасы президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германияға рәсмий сапары шеңберинде Мюнхен қаласында усы елдиң жетекши компаниялары ҳәм банклериниң башылары менен ушырасыўы бул бағдардағы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге жаңа пәт бағышлайды.

Ушырасыўда «Сименс», «Тиссен Круп», «Фольксваген» «Кнауф», «Класс», «МАН», «Бойче бан», «Линде Груп», «Фальк Порше Текник», «Атлас Интернешнл», «Тенова», «Гизике-Дэвриэнт», «Паппенбург», «Ойлер Гермес», «Дойче банк», «Коммерцбанк» сыяқлы Европа ҳәм жәҳән базарының жетекши компаниялары, финанс структураларының басшылары қатнасты.

Онда бүгинги күнде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған түпкиликли жаңаланыўлар ҳәм реформалар, әсиресе экономиканың еркинлестирилип атырғаны елимиздиң избе-из раўажланыўы ҳәм халық абаданлығының артыўы ушын шараят жаратып атырғаны атап өтилди.

Германия дүньяның жоқары раўажланған, үлкен саўда-экономикалық ресурслар, кең инвестициялық потенциал ҳәм алдынғы технологиялық исленбелерге ийе мәмлекетлеринен бири есапланады. Өзбекстанның бай тәбийғый ресурслары, жоқары дәрежедеги инсан капиталы, оның тармақланған инфраструктурасы, қолайлы инвестициялық орталығы Германия менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиўге беккем тийкар жаратпақта. Буннан тысқары, Өзбекстан тек ғана Орайлық Азиядағы ең қолайлы геосиясий жайласыўы емес, ал жәмийетлик-сиясий ҳәм макроэкономикалық турақлылығы менен  де ажыралып турады. Сондай-ақ, германиялы шериклер Өзбекстанның экономикалық тармақларын техникалық ҳәм технологиялық жақтан модернизациялаўға ҳәм диверсификациялаўға қаратылған терең ойланған сиясий умтылысын жоқары баҳалайды.

Мәмлекетимизде сырт елли инвесторлар ушын қолайлы имканиятлар жаратылып атырғаны айрықша атап өтилди. Инвесторлардың жумысын хошаметлеў ҳәм қорғаў ушын зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Бизнестиң раўажланыўы жолындағы тосқынлықлар сапластырылды, сыртқы саўда ҳәм бажыхана-тариф қадағалаўы сезилерли қысқартылды.

Сырт ел инвесторлары менен тиккелей қарым-қатнас жасаў мақсетинде, әмелге асырылып атырған реформаларды мәсләҳәт ҳәм экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Эксперт кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларын бул кеңестиң жумысына белсене қатнасыўға шақырды.

Нәтийжели саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеўде Германия экономикасы шығыс комитети әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Шөлкемлестирилип атырған Инвестициялар ҳәм технологиялар комитети өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўдиң жаңа механизмине айланыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Германия исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, валюта ҳәм салық системаларының либералласыўы, виза алыў тәртиби жеңиллетилгени, соның ишинде, 30 күнге шекемги мүддетке визасыз тәртип енгизилгени Өзбекстанда табыслы бизнес жүргизиў ушын қосымша қолайлықлар жарататуғынын атап өтти.

14-январь күни Берлин қаласында болып өткен бизнес-форумда нырқы 8 миллиард евродан аслам шәртнамалар менен келисимлерге қол қойылғаны буны дәлиллейди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Германия қаржы шөлкемлери, фирма ҳәм компаниялары арасындағы шерикликти буннан былай да раўажландырыў, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў және кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Германия инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестирилген  110 нан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, олардан 30 ға шамаласы толық Германия капиталының есабынан шөлкемлестирилген.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Президентиниң бул сапар етиўи еллеримиз исбилермен топарлары ўәкиллериниң арасындағы өз-ара пайдалы байланысларды жаңа басқышқа көтеретуғынына исеним билдирилди.

Германия Өзбекстанның стратегиялық әҳмийетке ийе инфраструктурасын жетилистириўге де белсене қатнаспақта. Усы жерде Ташкент қаласындағы халықаралық аэропортты реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма нырқы 50 миллион евро муғдарындағы ири жойбарды айрықша атап өтиў керек. Германия «Наўайы» еркин экономикалық зонасы, оның қолайлы имканиятларына да үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта.

Мәмлекетимизде Германияның белгили санаат гигантлары – «МАН», «Класс», «Кнауф», ҳәм басқа да компаниялар менен биргеликте шөлкемлестирилген өндирислик кәрханалар табыслы жумыс алып бармақта. Автомобиль қурылысы тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланбақта. АҚШтың жеңил автомобильлер ислеп шығаратуғын «Женерал моторс» және Японияның киши автобуслар шығаратуғын «Исузу» компаниясы менен бир қатарда елимизде Германия автогигантларынан бири болған «МАН» компаниясы менен биргеликте жүк автомобильлерин ислеп шығарыў жолға қойылғаны пикиримизди дәлиллейди.

Биз бул бағдардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдармыз. Өз-ара исенимге тийкарланған перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаўға таярмыз, деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Германия қаржы мәкемелери, фирма ҳәм компаниялары арасында байланысларды буннан былай да раўажландырыў, өз-ара өним жеткерип бериў ҳәм хызмет көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў мәселелери додаланды.

Президентимиздиң Германия Федеративлик Республикасына сапары нәтийжели болды. Бул сапар етиў, оның шеңберинде ерисилген барлық келисимлер Өзбекстан мәплерине, экономикамыздың раўажланыўына ҳәм халқымыздың абаданлығына хызмет етеди.

ӨзА