Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында тийисли илажлар әмелге асырылмақта. 2018-жыл даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың алты жүзден асламының унамлы шешилиўи нәтийжесинде 1 миллиард сумнан аслам ақша қайта есапланған.

– Жақында, Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының «Исеним телефоны»на Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара А.Музаффаровтан  мүрәжат келип түскен,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Онда ол Нөкис қаласы Беруний көшесинде жайласқан «Нөкис авто саўда» кәрханасына Cobalt автомашинасы ушын 84 миллион 164 мың 910 сум пул өткергенин, бирақ машина шығыў сәнесинде тутыныўшыға машинаны Хорезм ўәлаятынан алыў кереклиги айтылғанынан наразы екенлигин билдирген.

Дүзилген шәртнама бойынша машинаның кешиктирилген күни ушын 0,01 процент пеня өндирип бериў ҳаққындағы оның мүрәжаты дизимге алынып, Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

Нәтийжеде, тутыныўшы менен дүзилген шәртнамаға тийкарланып, автомашина 14 күнге кешиккени, шәртнамада көрсетилген шәртлерге бола кешиктирилген күн ушын 0,01 процент, яғный 117 мың 831 сум пеня өндирилди ҳәм күни кеше (усы жыл 23-январь күни) Cobalt автомашинасы тутыныўшыға тапсырылды.

Федерация тәрепинен усы бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.