Өзбекстан жаслар аўқамында «Лидерлик ҳәм менеджмент» темасында онлайн-семинар болып өтти.

Елимизде жергиликли басқарыў уйымларында басшы лаўазымларына жас, маман ҳәм тәжирийбели қәнигелер менен толықтырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Онда жас басшы кадрлар резервин жаратыў, олардын жәмийетлик басқарыўдағы белсендилигин арттырыў әхмийетли болып есапланады.

Усыған байланыслы Өзбекстан жаслар аўқамының басламасы менен аймақларда кадрлардың ўақтын ҳәм қәрежетин тежеген ҳалда оларды аралықтан оқытыў системасы енгизилди. Буннан былай, ҳәр ҳәптеде бир мәрте болатуғын вебинар оқыўлар ҳәр түрли тараў ҳәм бағдарларда алып барылады.

«Лидерлик ҳәм менеджмент» темасында аймақлараралық вебинарда заманагөй басқарыўда административлик усылларға сүйенип емес, керисинше лидерлик, жетекшилик, жәмийет пенен ислесиў, қәнигелерди мақсетли ислеўге үйретиў, өзиниң алдағы идеялары менен изинен ерте алыў лазымлығы ҳаққында сөз болды.

Сондай-ақ, басшылық қәбилети өз кәсибине ҳүжданлы түрде қатнас жасаў, ўәкилликлерин толығы менен иске салыў, әҳмийетли шешимлерди қабыл етиўде өзине исене билиўи, мәмлекетлик хызметкер жуўапкершилигин сезиў ҳәм онын өлшемлерин түсинип жетиўдеги көриниси атап өтилди. Өзбекстанда жас басшы кадрлардың басқарыў потенциалын көтериў менен биргеликте кемшиликлер додаланды.

Бүгинги күнде тез пәт пенен раўажланып атырған заманда жас басшылардың алдына инновациялық ҳәм идеялық үстинлик арқалы алдынырақ қәдем таслаў ўазыйпасын қоймақта. Бул болса, өз гезегинде, басшылық потенциалы жоқары жаслардың заманагөй лидерлик көнликпелерин тарбиялаўда жаңаша көзқарасларды ислеп шығыў кереклигин көрсетти.

Сәўбетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардағы жетекшилер, жоқары оқыў орыныларының белсенди студент-жаслары қатнасты. Қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Б.МЕЛИҚУЛОВА,

ӨзА хабаршысы