USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Шавкат Мирзиёев германиялы исбилерменлер менен ушырасты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мюнхен қаласында Германияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыў өткерди.

Онда “Siemens”, “Thyssenkrupp”, “Volkswagen”, “Knauf”, “Claas”, “MAN”, “Deutsche Bahn”, “Linde Group”, “Falk Porcshe Technik”, “Atlas International”, “Tenova”, “Giesecke & Devrient”, “Papenburg”, “Euler Hermes”, “Deutsche Bank”, “Commerzbank” сыяқлы Европа ҳәм жәҳән базарының жетекши компаниялары, финанслық структуралардың басшылары қатнасты.

Ушырасыўда бүгинги күнде Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм реформалар, әсиресе, экономиканың еркинлестирилип атырғаны мәмлекетимиздиң избе-из раўажланыўы ҳәм халық абаданлығының артыўы ушын қолайлы шараят жаратып атырғаны атап өтилди.

Германия дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң қатарында болып, үлкен саўда-экономикалық ресурслар, кең инвестициялық потенциал ҳәм алдынғы технологиялық исленбелерге ийе мәмлекет есапланады. Өзбекстанның бай тәбийғый ресурслары, жоқары дәрежедеги инсан капиталы, оның тармақланған инфраструктурасы, қолайлы инвестициялық орталығы Германия менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиўге беккем тийкар жаратпақта. Буннан тысқары, Өзбекстан тек ғана Орайлық Азиядағы ең қолайлы геосиясий жайласыўы емес, ал жәмийетлик-сиясий ҳәм макроэкономикалық турақлылығы менен  де ажыралып турады. Сондай-ақ, германиялы шериклер Өзбекстанның экономикалық тармақларын техникалық ҳәм технологиялық жақтан модернизациялаўға ҳәм диверсификациялаўға қаратылған терең ойланған сиясий умтылысын жоқары баҳалайды.

Мәмлекетимизде сырт елли инвесторлар ушын қолайлы имканиятлар жаратылып атырғаны айрықша атап өтилди. Олардың жумысын хошаметлеў ҳәм қорғаў ушын зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Бизнестиң раўажланыўы жолындағы тосқынлықлар сапластырылды, сыртқы саўда ҳәм бажыхана-тариф қадағалаўы сезилерли қысқартылды.

Сырт елли инвесторлар менен тиккелей қарым-қатнас жасаў мақсетинде, әмелге асырылып атырған реформаларды мәсләҳәт ҳәм экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, елимизде инвестициялық оратлықты жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Эксперт кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларын бул кеңестиң жумысына белсене қатнасыўға шақырды.

9ebdefc3-2414-9d2a-0e78-3af55c344857.jpg

Нәтийжели саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеўде Германия экономикасы шығыс комитети әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Шөлкемлестирилип атырған инвестициялар ҳәм технологиялар комитети өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўдиң жаңа механизмине айланыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Германия исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, валюта ҳәм салық системаларының либералласыўы, виза алыў тәртиби жеңиллетилгени, соның ишинде, 30 күнге шекемги мүддетке визасыз тәртип енгизилгени Өзбекстанда табыслы бизнес жүргизиў ушын қосымша қолайлықлар жаратқанын атап өтти.

14-январь күни Берлин қаласында болып өткен бизнес-форумда нырқы 8 миллиард евродан аслам шәртнамалар менен келисимлерге қол қойылғаны буны дәлиллейди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Германия қаржы шөлкемлери, фирма ҳәм компаниялары арасындағы шерикликти буннан былай да раўажландырыў, инвестициялық-технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў және кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасында Германия инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестирилген  110 нан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, олардан 30 ға шамаласы толық Германия капиталының есабынан шөлкемлестирилген.

Сөйлесиў ўақтында бул сапар етиў еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери арасында өз-ара пайдалы байланысларға жаңа мазмун бағышлайтуғынына исеним билдирилди.

Германия Өзбекстанның стратегиялық әҳмийетке ийе инфраструктурасын жетилистириўге де белсене қатнаспақта. Усы жерде Ташкент қаласындағы халықаралық аэропортты реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма нырқы 50 миллион евро муғдарындағы ири жойбарды айрықша атап өтиў керек. Германия «Наўайы» еркин экономикалық зонасы, оның қолайлы имканиятларына да үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта.

Мәмлекетимизде Германияның белгили санаат гигантлары – “MAN”,“Claas”, “Knauf” ҳәм басқа да компаниялар менен биргеликте шөлкемлестирилген өндирислик кәрханалар табыслы жумыс алып бармақта. Автомобиль қурылысы тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланбақта. АҚШтың жеңил автомобильлер ислеп шығаратуғын “General Motors” және Японияның киши автобуслар шығаратуғын “ISUZU” компаниясы менен бир қатарда елимизде Германия автогигантларынан бири болған “MAN AG”   компаниясы менен биргеликте жүк автомобильлерин ислеп шығарыў жолға қойылғаны пикиримизди айқын дәлиллейди.

– Биз бул бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдармыз, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Өз-ара исенимге тийкарланған перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаўға таярмыз.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Германия қаржы мәкемелери, фирма ҳәм компаниялар арасында байланысларды буннан былай да раўажландырыў, өз-ара өним жеткерип бериў ҳәм хызмет көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў мәселелери додаланды.

50616299-9ae1-e825-1d13-038d4409be9a.jpg

ӨзА