Қурама Штатлар президенти Дональд Трамптың Сириядан АҚШ әскерлерин алып шығыў ҳаққындағы буйрығынан соң, Сирия бойынша ҳеш қандай режеси жоқ, деди Вашингтонның «Ислам Мәмлекети» бойынша бурынғы елшиси Бретт Мак-Герк

 Мак-Герк: «кейин не болыўы ҳаққында ҳеш қандай реже жоқ, бул болса  АҚШ әскерлериниң өмирин қәўипке қойыў демекдур», деп атап өткен.

Ол сондай-ақ, интервьюинде Сирияның Манбиж қаласында АҚШ әскерлерине шөлкемлестирилген ҳүжим нәтийжесинде 4 әскердиң өлтирилиўи ҳаққында айтып, бул 2014-жыл АҚШ әскерлери Сирияға, Ислам Мәмлекетине қарсы гүресиў ушын, киргизилгеннен берли ең қәўетерли жаўызлық болғанлығын айтқан.

Өткен айда президент Дональд Трамп Сириядан АҚШ әскерлерин алып шығыў режесин жәриялағаннан кейин Корғаныў министри Жим Маттис ҳәм ИШИД бойынша елши Бретти Мак-Герктиң отставкаға шығыўын буйырған.

ӨзА