20-январь күни күшли қар бораны себепли 03:50ден баслап республикалық аҳмийетке ийе «Алмата-Усть-Каменогорск» автомобиль жолының Шығыс Қазақстан ўәлаяты Уржар районындағы 681 километрде автотранспортлардың тығылысы жүзеге келди, деп мәлим етти Қазақстан ИИМниң айрықша жағдайлар комитети. Бул жөнелистеги автомобиль жолында ҳәрекетлер 12:00ден баслап тоқтатылды.

АЖКниң мәлим етиўине бола, тығылысты  улыўма есап пенен алып қарағанда жолаўшылар саны 420ға жақын болған жети автобус, 45 КамАЗ, 30 жеңил ҳәм сегиз ГАЗель бар.

Ол жерден адамларды эвакуация етиў мақсетинде бес хызметкер ҳәм «КУНГ» маркалы еки дана техникадан ибарат АЖ күшлери және қураллары  жиберилди.

Соңда-ақ, АЖ комитетиниң Шығыс регионаллық аэромобиль оператив-қутқарыў отрядының сегиз адамнан ибарат топары ҳәм төрт техника жиберилди, бирақ адамлар өз автомобильлерин таслап кеткиси келмей атыр, деп хабар береди мәкеме.

Уржар районында Таскелен аўыл хожлығына тийисли Мәденият үйи имаратында ысытыў пункти шөлкемлестирилди.

 

ӨзА