2018-жылдың бәҳәринде усындай нызамлардың жойбарлары кең жәмийетшиликтиң додаланыўына инәм етилген еди. Онда авторлар миллий Қырғызстан парламентиниң билимлендириў, илим, мәденият, денсаўлықты сақлаў бойынша комитетинде «Миллий бас кийим болып есапланатуғын Ақ қалпаққа мәдений символлық статусын бериў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Хүжжет Жоқарғы Кеңес депутатлары Экмат Байбақпаев («Республика – Ата Журт» фракциясы) ҳәм Бакирдин Субанбеков («Бир бол» фракциясы) тәрепинен ислеп шығылды.

Еслетип өтемиз, алдын усы депутатлар 2018-жылдың бәҳәринде усы сыяқлы нызам жойбарын жәмийеттшиликтиң додаланыўына усынылған еди. Онда авторлар миллий бас кийимди қорлаған айыпкерлер 2000 сом (30 долларға шамалас) муғдарында жәриймаға тартылыўын усыныс еткен. Енди болса, физикалық шахслар 1000 сом, юридикалық шахслар болса 5000 сом муғдарында жәриймаға тартылыўы керек, деген баслама алға қойылмақта. Буннан бурын парламент шет елге шығатуғын президент ҳәм спортшылар ақ қалпақ кийиўи мәжбүр екенлиги бойынша усыныс киргизген еди.

Қырғызстанда 5-март – Ақ қалпақ ҳәм қырғыз миллий кийимлери күни сыпатында белгиленеди.

Ақ қалпақ, бул – қырғызлардың миллий бас кийими болып есапланады.

ӨзА