Аралбойындағы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў бағдарындағы басламалар ҳәм ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жәмийетшилик ўәкиллериниң усынысларын есапқа алып регионда эколгиялық жағдайды ҳәм халықтың  жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде Ҳүкимет бийлиги қабыл етилди.

Бийликке тийкарланып, 2019-жыл 26-январь күни улыўмахалықлық экологиялық қайырқомлық шембилиги өткериледи.

Қайырқомлық шембилигин өткериў шеңберинде мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы жайлар ҳәм имаратлар, ҳәўлилердиң әтирапы, гүзарлар, қыябанлар, зыярат орынлары ҳәм қәбиристанлар, салмалар, көшелер ҳәм жол бойлары және балалар майданшалары тәртипке келтириледи.

Бул қайырқомлық шембиликтен келип түскен қаржылар Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында қорғаныў тоғайларын жаратыў, регионда экологиялық жағдайды ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем етиў сыяқлы илажларға жумсалады.

ӨзА