Усы жыл 30-октябрь күни АҚШтың Өзбекистандағы елшиси Памела Спратлен республикамызға сапар етип келди. Елшини Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қабыл етти.

Сөйлесиўлер ўақтында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары, республикамыз халқына, әсиресе, жасларға көрсетилип атырған ғамқорлықлар, әмелге асырылып атырған нәтийжели реформалар, халқымыздың тыныш-татыў ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы унамлы жумысларға кең түрде тоқтап өтти.

Өз гезегинде АҚШтың Өзбекистандағы елшиси Памела Спратлен республикамыз басшысына шын жүректен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекистанда социаллық-эконмикалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да салаларда әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди. АҚШ ҳәм Өзбекистан арасындағы дослық және өз-ара пайдалы бирге ислесиў барған сайын кеңейип атырғанлығын айрықша атап өтти.

Усы күни елши Памела Спратлен пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, ол жердеги бийбаҳа экспонатлар менен танысты.

Күнниң екинши ярымында елши Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры менен ушырасып, университеттиң мәлимлеме-ресурс орайында, сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ACCESS бағдарламасы тийкарында исленип атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Елши өз сапары даўамында пайтахтымыздағы «Истиқбол Авлод Исеним» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ўәкиллери менен де ушырасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги