Нөкисте пахта жыйын-терими дәўиринде балалар мийнетинен пайдаланыў ҳәм мәжбүрий мийнетке мониторинг жол қоймаўға байланыслы өткерилген нәтийжелерине бағышланған семинар болып өтти. 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң эксперти Р.Литвяков, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң ўәкили  Ғ.Хамидовлар шығып сөйлеп, Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң елимизде ратификацияланған Конвенциялар талабының орынланыў барысы, мийнетти қорғаў,  балалар мийнетинен пайдаланыў ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, халықаралық шөлкем тәрепинен усы жылдың сентябрь ҳәм октябрь айлары аралығында барлық ўәлаятларда, соның ишинде, бизиң республикамызда пахта жыйын-терими дәўиринде балалар ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша мониторинг өткерилди. Бул бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзилип, оның тийкарғы мақсети,  аўыр түрдеги балалар мийнетин сапластырыў бойынша миллий сиясатты әмелге асырыўға қаратылған илажларды, мәмлекетлик уйымлар менен пуқаралық жәмийети институтларының жумысларын муўапықластырыў және оларды жетилистириўден ибарат болды.

Балалар мийнетинен пайдаланыўға ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барылып,  нызамшылықта белгиленген талаплардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мониторинг жумысларының сапасы жетилистирилип барылмақта. Соның нәтийжесинде мүнәсип мийнет бойынша Халықаралық Мийнет Шөлкеми менен биргеликте 2017-2020-жыллар ушын қабыл етилген бағдарламаның,  халықаралық мийнет ҳуқықлары принциплерине әмел етиў бойынша комплексли илажлардың орынланыўын тәмийинлеў, республикамызда пахта жыйын-терими дәўиринде балалар мийнетинен пайдаланыў ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша  өткерилген мониторингтиң унамлы жуўмағы халықаралық экспертлер тәрепинен айрықша тән алынғанлығы атап өтилмекте.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы