Арал машқаласының ақыбетлерин сапластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жүргизилип атырған сексеўил егиў илажлары нәтийжели даўам етпекте, деп жазады ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов.

Өткен жылдың 17-декабрь күнинен басланған Аралдың қурыған майданында сексеўил егиў жумыслары нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта 103 мың гектардан аслам майдан қамтып алынды.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының Тоғай хожалықлары, Абаданластырыў басқармаларының хызметкерлери, жергиликли халықлардың қатнасыўында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша қызғын жумыслар даўам етпекте.

Айрықша жағдайлар министрлиги басшылығында шөлкемлестирилген штаб мағлыўматларына қарағанда, илажларға жәми мыңнан аслам жумысшы, 549 теника, 2 самолёт тартылған. Басқа ўәлаятлардан 550 ге шамалас көмекшилер қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта сексеўил егиў ушын жәми 326 мың 60 гектардан аслам жер майданы таярланды. Соннан 103 мың 235 гектар жерге 412 мың 275 килограмм сексеўил туқымы егилген. Самолётлар жәрдеминде 51 мың 800 гектар жерге 156 мың 600 килограмм сексеўил туқымы себилди. Егиў ушын 622 мың 500 килограмм сексеўил туқымы таярланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги