Жүрек ишемиялық кеселлиги дүнья жүзи бойынша кең тарқалған кеселликлер қатарына кирип, ҳәзирги күнде жәҳән көлеминде оннан майып болыў ҳәм өлимшилик бойынша көрсеткиш биринши орында турады.

Усы себепли елимизде бул кеселлик түриниң келип шығыўының алдын алыў, емлеў, халық арасында түсиник жумысларын алып барыў бағдарында турақлы түрде комплексли илажлар өткерилип келинбекте.

Атап айтқанда, ҳәзирги күнде усы кеселликке шатылған наўқасларға қәнигели медициналық жәрдем көрсетиўди жетилистириў, өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде республикамызда 2016-жыл октябрь айынан баслап жүрек ишемиялық кеселлиги бар наўқасларға коронарографиялық тексериў ҳәм стенд қойыў операциялары өткерилип келинбекте.

Жақында медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайынан бир топар қәнигелер келип, қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында жүрек ишемиялық кеселлигине шалынған наўқасларға коронарографиялық тексериў ҳәм тамыр ишин стендлеў операцияларын иследи. Операциялар Республикалық хирургия орайы ангиография операция ханасында орынланды.

Операцияларды Ташкент қаласынан келген шыпакер, медицина илимлери кандидаты Сардор Турсунов Қарақалпақстан Республикасы Хирургиялық орайы хызметкерлери менен биргеликте алып барды.

Атап айтқанда, 2 наўқасқа өткир жүрек  инфарктинен кейинги ҳалатта тамырларды стендлеў операциялары өткерилип, нәтийжели жуўмақланды.

Ҳәзирги ўақытта наўқаслардың жағдайы жақсыланып үйлерине қайтарылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.