Жақында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Сиясий билимлендириў» орайы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Парламентке Мүрәжатының мазмуз-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында студент жаслар менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған партия хызметкерлери ҳәм белсендилери, тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

 

Ушырасыўда Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпалар  ҳәм барлық тараўлар қатары жаслар менен ислесиў мәселелерине де үлкен итибар қаратылғанына кең түрде  тоқтап өтилди.

– Бүгинги күнде мәмлекетимиз халқының дерлик ярымын жаслар қурайды. Жасларымыз илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў жолында да әҳмийетли қәдемлер тасламақта. Сондай-ақ, жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, сол арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. «Жаслар-келешегимиз» қоры жумысын буннан былай да кеңейтиў сыяқлы мәселелер бойынша да жасларға ҳәр тәреплеме түсиник берилмекте, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти О.Назаров. – Мағлыўмат ушын өткен жылы қор ушын 2 триллион сумнан зыят қаржы ажыратылып, 50 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бул арқалы жасларымыздың түрли радикал ҳәм зыянлы идеялар тәсирине түсип қалмаўының алды алынатуғынлығына исенемиз.

Студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы