USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН-ГЕРМАНИЯ: ЖАҢА МАЗМУНҒА ИЙЕ БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИ БЕККЕМЛЕЎ ЖОЛЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасы Федерал канцлери Ангела Меркельдиң мирәт етиўине бола 2019-жыл 20-январь күни рәсмий сапар менен усы елге келди.

21-январь күни Берлин қаласындағы Бельвю сарайында  Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды. Шавкат Мирзиёевты Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер күтип алды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Германияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер ҳүрметли қараўыл алдынан өтти.

Ушырасыўда Президентлер Өзбекстан менен Германия арасындағы сиясий сөйлесиўди буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы  тараўлардағы байланысларды еки ҳәм көп тәреплеме тийкарда раўажландырыў мәселелерин додалады.

Тәреплер буннан кейин де Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам ететуғынын билдирди.

Президентлер Германияның басламасы менен ислеп шығарылып атырған, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңа стратегиясы тийкарында қатнасықларды беккемлеў зәрүрлигин атап өтти.

Бүгинги күнде қәўип-қәтерлер, биринши гезекте, терроризм, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресиўде және де тығыз бирге ислесиўге келисип алынды. Аўғанстанда тынышлық процесин тезирек баслаў ушын көзқараслар бирдей екени тастыйықланды.

rasmiy_7246.jpg

Өзбекстан экономикасы түп-тийкарынан модернизацияланып атырған ҳәзирги процессте Германияның  алдынғы тәжирийбеси ҳәм технологияларын тартыў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланыслар да додаланды. Мектеп билимлендириўинде немис технологияларынан пайдаланыў, соның ишинде, «Мектеплер: келешек шериклери» (PASCH) басламасын әмелге асырыў, Өзбекстанда Германияның жетекши жоқары оқыў орынларының филиалларын ашыў, халықларымыз арасында мәдений байланысларды кеңейтиўдиң перспективалары дыққат орайында болды.

Ушырасыў соңында  Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер усы жылдың май айында Өзбекстанға сапар менен келетуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал канцлери Ангела Меркельдиң сөйлесиўлери алдынан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен брифинг өткерилди.

Ангела Меркель Өзбекстан Президентиниң сапар етиўи узақ тәнепистен кейинги әҳмийетли ўақыя екенин, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўына үлкен түртки беретуғынын атап өтти.

– Биз Өзбекстанның исенимли шериги болыўды қәлеймиз. Мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды кеңейтиў ушын көплеген имканиятлар бар екенин көрмектемиз, – деди Германия канцлери.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан делегациясына көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын терең миннетдаршылық билдирип, немис халқын усы жылдың май айында белгиленетуғын Германия Федеративлик Республикасы дүзилгениниң 70 жыллығы менен қутлықлады.

Кейинги жылларда байланыслар жедел раўажланып, жаңа мазмун менен байып, сиясий сөйлесиўлер жеделлесип атырғаны қанаатланыўышылық пенен атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Германия Өзбекстанның исенимли ҳәм перспективалы шериги екенин, өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығыўға умтылатуғынын айрықша атап өтти.

Тәреплер Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде және де тығыз бирге ислесиўден мәпдар екени атап өтилди. Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңа стратегиясы тийкарында Европа Аўқамы – Орайлық Азия бағдарында және Германия-Орайлық Азия форматында қатнасықларды беккемлеўди даўам еттиретуғынын атап өтти.

Болажақ ушырасыўда заманагөй қәўип-қәтерлер, бәринен бурын терроризм ҳәм экстермизмге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылатуғыны атап өтилди. Аўғанстанда тынышлық процесин тез ўақыттта баслаў да күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерден бири екени атап өтилди.

Өзбекстан инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўында конструктивлик сөйлесиў,  сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў системасының ашық-айдынлығына және коррупцияға толық шек қойыўға ерисиў мақсетинде бирге ислесиў ушын ашық екени атап өтилди.

Тәреплер инвестиция ҳәм технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин билдирди. Өзбекстан Президенти сапар алдынан өткерилген бизнес форумда 8 миллиард евродан зыят нырқтағы жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилгени, басқа келисимлер бойынша жумыслар даўам етип атырғаны мәлим етилди.

Сондай-ақ, немис тили тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплердиң тармағын кеңейтиў, Германияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен байланысларды раўажландырыў бағдарында бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Германия Федерал канцлери Ангела Меркельдиң ушырасыўында тийкарғы итибар саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша позициялардың уқсас ҳәм жақын екени атап өтилди. Нәтийжели сөйлесиўди еки ҳәм көп тәреплеме форматта, соның ишинде, абырайлы халықаралық структуралық шеңберинде избе-из даўам еттириўге умтылыў бирдей екени тастыйықланды.

Германия канцлери Өзбекстан Президенти басшылығында экономиканы модеринизациялаў ҳәм жәмийетти буннан былай да демократияластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Өзбекстанның Орайлық Азияда дослық ҳәм өз-ара исеним орталығын жаратыў, көп жыллық тартыслы мәселелерди тынышлық жолы менен шешиў ҳәм регионды глобаллық экономикаға интеграциялаў бойынша жаңа регионаллық сиясатты қоллап-қуўатлады.

Тәреплер инсан ҳуқықларын қорғаў, қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин де көрип шықты. Мәмлекетимиз басшысы Германия ҳүкиметине Арал машқаласының ақыбетлерин сапластырыўдағы жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирип, Берлинди Аралбойы ушын көп шериклик тийкардағы Траст фонды жумысына белсене қатнасыўға шақырды.

Сөйлесиўде қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў мәселесине, соның ишинде, Аўғанстан машқаласын есапқа алған ҳалда итибар қаратылды. Бул мәселени барлық тәреплердиң қатнасында, аўғанлардың басшылығында тыныш жол менен шешиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Германия Өзбекстанның технология ҳәм инвестициялар тараўындағы тийкарғы шериклеринен бири. Мәмлекетлеримиз арасында саўда тараўында ең көп қолайлылық жаратыў системасы енгизилген. Өткен жылы товар алмасыўдың көлеми 700 миллион евродан асқан.

Сөйлесиўде бул көрсеткишти 1 миллиард евроға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екени атап өтилип, бул бағдардағы перспективалы жойбарлар додаланды.

Өзбекстанда германиялы инвесторлардың қатнасыўында 132 фирма ҳәм компания жумыс алып бармақта. Соннан 33 и жүз процент немис капиталы тийкарында дүзилген, 31 и елимизде өз ўәкилханасын ашқан. Өзбекстан миллий банки Германияның 57 банки менен байланыс орнатқан. Ташкентте «Дойче-банк» бөлими дүзилген.

Мәмлекетимизде дүньяға белгили немис компаниялары менен әмелге асырылған ири жойбарлар табыслы өз-ара пайдалы инвестициялық бирге ислесиўге мысал бола алады. «MAN» концерни менен шерикликте заманагөй жүк автомобильлери, «CLAAS» ҳәм «Lemken» компаниялары менен аўыл хожалығы техникалары, «Knauf» пенен қурылыс материаллары, «Deutsche Kabel» менен кабель-өткизгиш өнимлери ислеп шығарылмақта. Германиялы қәнигелердиң қатнасыўында «Қаршы-Термиз» темир жолы электрлестирилмекте.

Өзбекстан – Германия исбилерменлер кеңеси өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў ҳәм тиккелей инвестициялардың ағымын көбейтиў бойынша избе-из жумыслар алып бармақта. Финанслық-техникалық бирге ислесиў бағдарында мәсләҳәтлесиўлер, саўда ҳәм инвестициялар, аўыл хожалығы бойынша ҳүкиметлераралық жумысшы топарлардың мәжилислери өткерилмекте.

Ушырасыўда саўда, санаат, газ-химия, қурылыс тараўларында өз-ара пайдалы бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў, финанслық-техникалық көмек ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўге келисип алынды.

Сапар етиў шеңберинде химия, қурылыс, энергетика, металлургия ҳәм азық-аўқат тараўларының жетекшилери – «Siemens», «Thyssen Krupp», «Class», «MAN», «Knauf», «Linde», «Papenburg», «Humana», «Volkswagen», сыяқлы халықаралық көлемдеги немис концернлери менен шерикликте жаңа көп миллиардлы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Илим, билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, мәдений байланыслар ҳәм туристлер алмасыўын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстанда 8 мыңнан алсам немис миллетине тийисли жерлеслеримиз жасамақта. Мәденияты ҳәм дәстүрлерин сақлап, раўажландырыў ушын барлық шараят жаратылған. 400 мыңнан аслам оқыўшы немис тилин үйренбекте. Жақында Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухарадағы мектеплерге уллы немис илимпазлары менен жазыўшыларының исмлери берилди.

Ташкенттеги Гёте институты, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлар Германия академиялық алмасыўлар хызмети (DAAD) ўәкилханалары ҳәм басқа да шөлкемлер халықларымыз арасындағы мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыўға үлес қоспақта. Пайтахтымыз ҳәм бир неше ўәлаятларда бөлимлери болған «Видергебурт» немис мәденият орайы, «Өзбекстан – Германия» дослық жәмийети жумыс алып бармақта.

Өзбекстанда Германия пуқаралары ушын 30 күнге шекем визасыз режим енгизилгени әҳмийетли ўақыя болды. Бул мәмлекетимизди көриўге қызығатуғын туристлер, бизнесин жолға қоятуғын инвесторлар ҳәм басқаларға үлкен қолайлық жаратты.

Сапар етиў шеңберинде экономика, саўда, қаржы, билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларына байланыслы ҳүкиметлерарлық ҳәм уйымлараралық 9 ҳүжжетке қол қойылды. Тәреплер мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәпи жолында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға умтылатуғынын билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасы Бундестагиниң Баслығы Вольфганг Шойбле менен де ушырасты.

Бундестаг Германияның бир палаталы парламенти болып, нызамлар қабыл етиўден тысқары Федерал Канцлерди сайлаў және ҳүкимет жумысын қадағалаў сыяқлы әҳмийетли функцияларды да атқарады.

Өзбекстан ҳәм Германия парламентлери арасында тығыз байланыслар жолға қойылған. Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Бундестаг пенен бирге ислесиў бойынша «Өзбекстан – Германия» топары, Бундестагта болса «Германия Федеративлик Республикасы – Орайлық Азия» топары дүзилген.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Германия арасындағы бирге ислесиўди ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў, халықларымыздың мәпин тәмийинлеўде парламентлер айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти.

Бундестаг Баслығы мәмлекетимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийет қурыў бағдарында жүз берип атырған өзгерислерди жоқары баҳалады.

Сөйлесиўде нызам үстинлигин тәмийинлеў, парламентлик қадағалаў, социаллық ҳәм экономикалық реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Сапар етиў шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа да тараўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша қабыл етилетуғын «жол картасы»на тийкарланып парламентлераралық бирге ислесиў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президентиниң Германияға рәсмий сапары барлық дәрежедеги, соның ишинде, парламентлер арасындағы байланыслардың жаңа бағдарларын белгилеп бергени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Бундестаг имаратын көрип шықты. Мәмлекетимиз делегациясына Бундестаг тарийхы ҳәм жумысы ҳаққында айтып берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев усы күнниң өзинде Мюнхен қаласына барды. Өзбекстан делегациясы ушын ажыратылған резиденцияның жанында Баварияда оқып, ислеп атырған өзбекстанлы жаслар менен сөйлесиў өткерди.

22-январь күни Бавария Бас министри Маркус Зёдер, Германияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германияға рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА