Усы жылдың 28-январь күни дүнья футболы жулдызы, Бразилия сайланды командасы қурамында Жәҳән чемпионы болған белгили қорғаўшы Роберто Карлос Ташкентке келеди. Бул ҳаққында Өзбекстан футбол ассоциациясына тийкарланып Qalampir.uz хабар берди.

Роберто Карлос сапары даўамында жас футболшыларға мастер-класслар өтип, меҳрийбанлық үйиндеги балалар менен ушырасыўы жобаластырылған. Сондай-ақ, барзилиялы футболшы қатнасыўында ҒХҚ ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы да шөлкемлестириледи.

Роберто Карлостың сапары менен байланыслы илажлар, соның ишинде, баспасөз конференциясының ўақты ҳәм өткерилиў орны кейин ала жәрияланатуғынлығы билдирилген.

Сондай-ақ, өзбекстанлы белгили футбол жулдызлары ҳәм ветеранлары қатнасыўында 10 минуттан ибарат болған 2 таймлы дослық ойыны шөлкемлестириледи. Роберто Карлос бул ойында ҳәр еки команда қурамында бир таймнан ойнайды.

Сапар даўамында Роберто Карлосты Өзбекстан футболы менен жақыннан таныстырыў да жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги