Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2018-жылдың январь-декабрь айларында ислеп шығарылған өнимлер көлеми 328,0 млрд сумды ямаса улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 3,1% ин қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Статистикалық басқармасы хабар берди.

Таў-кән санаатында ислеп шығарылған өнимлердиң түрлери бойынша ҳәк тас қазып алыў көлеми өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда 36,7%, газ конденсаты 6,9% ҳәм тәбийғый газ 6,5% ке өскенлигин көриў мүмкин.

Анықлаў етип айтқанда, 2018-жылдың январь-декабрь айларында 187225,0 (2017-жылда 136931,3) тонна ҳәк тас, 175,7 (2017-жылда 164,5) мың тонна газ конденсаты, 6125,5 (2017-жылда 5753,3) млн куб метр тәбийғый газ ислеп шығарылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.