«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет көрсетиўи керек».

Шынында да, бул гәпте терең мәни бар. Бул пикир дерлик ҳәр күни айтылып атырғанына қарамастан, айырым жерлерде оның орынланыўына немқурайдылық пенен қараў даўам етпекте. Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларда буның гүўасы болып атырмыз.

139 МЫҢ СУМЛЫҚ ЖӘРИЙМА БИЙКАР ЕТИЛДИ

Елликқала районы Қылшынақ АПЖ да жасаўшы пуқара Ф.Рузметов Өзбекистан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының 1-091 қысқа номерли «Исеним телефоны»на мүрәжат етип, үйиндеги электр есаплағыш дәўири ушын 139 мың сум жәрийма салынғанлығын мәлим етеди.

Усы арза бойынша Елликқала районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, тутыныўшының Елликқала районлық электр тармақлары кәрханасынан ҳеш қандай қарызы жоқ екенлиги анықланған. Ф.Рузметовтың үйине жазылған 139 мың сумлық жәрийма бийкар етилди.

***

ТУТЫНЫЎШЫНЫҢ ОҢЛАЎ УШЫН ЖУМСАҒАН ПУЛЫ ҚАЙТАРЫП БЕРИЛДИ

Қоңырат саўда комплекси аймағында жайласқан оргтехникаларды оңлаў ҳәм хызмет көрсетиўши Ж.Д ға «Ройсон» маркалы телевизорын оңлап бериў ушын 40 мың сум берип оңлатқан. Тилекке қарсы телевизоры үйине барғаннан соң көрсетпей қалған. Тутыныўшы устаханаға қайтып келип соны айтқанында, уста оннан және 50 мың сум талап етеди. Сораған пулды берип телевизорын қайта оңлатып үйине алып келеди ҳәм телевизоры бир сааттан кейин тағы көрсетпей қалады.

Тутыныўшы бул бойынша Қоңырат районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди ҳәм жәмийет тәрепинен үйрениў нәтийжесинде тутыныўшының жумсаған қәрежети қайтарып бериледи.

***

МҮРӘЖАТТАН КЕЙИН ХАЛЫҚҚА ХЫЗМЕТ КӨРСЕТЕ БАСЛАДЫ

Елимиздеги барлық дүканларда пуқараларға жергиликли ун ҳәм пахта майы мәмлекет тәрепинен белгиленген ўақыт ҳәм муғдарда ҳәр айда берилип турылады. Бирақ, айырым тутыныўшылар усы хызметтен өз ўақтында пайдалана алмай атырғанлығынан наразы болып Өзбекистан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының 1-091 қысқа санлы «Исеним телефоны»на мүрәжат етпекте. Атап айтқанда, Беруний районы Махтумқулы МПЖ да жасаўшы Т.Мамбетов усы мазмундағы аўызеки мүрәжат пенен шықты.

Оның мүрәжаты Беруний районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйренип шығылды. Яғный, аймақтағы 42-санлы дүканның ийеси тәрепинен усы күнге шекем жергиликли ун ҳәм пахта майы алынбағаны ҳәм тарқатылмағаны анықланған. Қәнигелер тәрепинен дүкан ийесине түсиндириў жумыслары алып барылып усы жылдың 1-сентябрь күнинен баслап халыққа жергиликли ун ҳәм пахта майы тарқатыла баслады.

 

Таярлаған: Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.