Бүгинги күни елимизде мәмлекетлик, соның менен бир қатарда мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-сентябрьдеги «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан соң бул бағдардағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилди, десек асыра айтқан болмаймыз.  Әсиресе, соңғы еки жылдың ишинде республикамыздың қала ҳәм районларында, ҳәттеки, шетки аўылларында да заманагөй мәмлекетлик емес мектептен тыс ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ашылып, өз жумысларын  баслады. Барлық қолайлықларға ийе, зәрүр инвентарлар менен тәмийинленген бундай пайызлы орынларда халқымыздың перзентлери тәлим-тәрбия алмақта.

-Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен 2018-жыл 15-декабрьде берилген тапсырмаға муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығының қарары менен жумысшы топар дүзилип, республикамыз аймағындағы мәмлекетлик емес мектептен тыс ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде Өзбекстан Республикасының «Хызметтиң айырым түрлерин лицензиялаў ҳаққында»ғы Нызамының, сондай-ақ, Президетимиздиң жоқарыда атап өтилген «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыў барысы үйренип шығылды,-дейди усы мәмлекетлик инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров.-Үйрениў барысында  айырым мәмлекетлик емес мектептен тыс ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысларында қәте-кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы анықланды.

Жумысшы топар ағзалары тәрепинен орынларда мәмлекетлик дизимнен өткен, бирақ, лицензия рәсмийлестирместен жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң имарат ҳәм бөлмелериниң белгиленген талапларға, соның ишинде, өрт қәўипсизлигине, санитария-гигиена нормаларына муўапықлығы, оқыў-тәрбия процесин тәмийинлеў ушын зәрүр болған үскенелер, көргизбели қураллар, оқыў-методикалық қолланбалар тийкарында оқыў шынығыўларының дурыс шөлкемлестирилгенлиги, сабақлардың МБС ҳәм оқыў бағдарламаларына сай дүзилгенлиги, оқыўшылардың сапалық қурамы, лицензияға ҳүжжетлер топлаў барысында исбилермен дус келген машқалалар талланды. Үйрениў барысында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар тәрепинен қәнигелердиң билимин жетилистириў бойынша питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлер берилмей, айрымларының лицензия рәсмийлестирместен жумыс алып барыўы нәтийжесинде елимиз бюджетине жыйымлардың түсими тәмийинленбей атырғанлығы, системалы мониторинг алып барылмағанлағы нәтийжесинде мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери тәрепинен социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қәбилетли ҳәм талантлы  балаларының улыўма оқыўшылар санының 10 процентинен аз болмаған муғдарда бийпул оқыўға қабыл етиў әмелге асырылмай атырғанлығы көзге тасланды.

Атап айтқанда, Беруний районындағы Қувондиқ Төребаевқа тийисли «FOX STUDY» ҳәм Адилбек Раззаковқа тийисли «KOMPYUTER  EDUCATION» мектептен тыс билимлендириў мәкемелеринде усындай қәте-кемшиликлер анықланды. «FOX STUDY» мектептен тыс билимлендириў мәкемесинде 65,  «KOMPYUTER  EDUCATION» мектептен тыс билимлендириў мәкемесинде болса 22 тыңлаўшы билим алып атырған болса да, елеге шекем лицензия алмастан жумыс ислеп келген. Усындай кемшилик Тақыятас районындағы Нурбийби Нуржановаға тийисли «Happy Indigo»  мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде орын алғанлығы мәлим болды. Билимлендириў мәкемеси 100 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күни 50 бала тәрбияланбақта. Соған қарамастан елеге шекем лицензия алмастан хызмет көрсетип келмекте.

Әмиўдәрья районы Наўайы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Манзура Жуманиязоваға тийисли «Amu Quyoshi»  мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 75 бала тәрбияланбақта. Билимлендириў мәкемеси тәрепинен лицензия алыў ушын ҳүжжетлер топланған, деген менен имараттың төбесинде «UMC» байланыс компаниясының антеннасы орнатылғанлығы себепли районлық өрт қәўипсизлиги бөлимшеси, мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы тәрепинен шешим берилмеген.

Нөкис қаласындағы «Ayzek Computer Nukus» ҳәм «Intellekt Computer Nukus» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң жумыслары көзден кеширилгенде, оқыў бөлмелери өрт қәўипсизлиги талапларына, санитария-гигиена нормаларына жуўап бермейди. «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Гнёздышко» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 72 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күни 40 бала тәрбияланбақта. Бул жерде имарат ҳәм бөлмелер талап дәрежесинде. Деген менен банк тәрепинен усы күнге шекем ҳеш қандай жеңиллетилген кредит берилмеген. Мәкеме басшылары тийисли орынларға мүрәжат еткен, бирақ елеге шекем унамлы шешимин таппаған.

Хожели районындағы Нәўбәҳәр Гаиповаға тийисли «Xojeli baby garden»,  Қанлыкөл районы «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Тазагүл Туремуратовға тийисли «Nawshe» , Қоңырат районы «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Дилноза Абдуллаеваға тийисли болған «WUNDERKINDS IN KUNGRAD» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери де лицензиясыз хызмет көрсетип киятырғанлығы анықланды. «WUNDERKINDS IN KUNGRAD»  мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде районлық өрт қәўипсизлиги бөлимшеси, мәмлекетлик санитария-эпидемиология бақлаў орайы басшылары тәрепинен шешимлер алынған. Жумысшы топар үйренип кеткеннен кейин бул билимлендириў мәкемелери тәрепинен тийисли ҳүжжетлер орынлардағы мәмлекетлик хызметлер орайларына тапсырылып, бүгинги күни лицензия алыў илажлары көрилмекте.

Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  Улбосын Тилегеноваға тийисли, 50 орынға мөлшерленген «Kinders World» ҳәм усы райондағы «Гүжимли» МПЖ  аймағындағы  Бахтияр Абитовға тийисли,  50 орынға мөлшерленген «Shagala» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери еле жумысын басламаған. Районлық өрт қәўипсизлиги бөлимшеси, мәмлекетлик санитария-эпидемиология бақлаў орайы басшылары тәрепинен шешимлер болса да, елеге шекем лицензия алмаған.

Жумысшы топар ағзалары тәрепинен көрип шығылған мәмлекетлик емес мектептен тыс ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-марттағы «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысларды лицензиялаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси түсиндирилип, алдағы ўақытлары усы қарар талапларында белгиленген тәртип тийкарында жумыс алып барыў зәрүрлигин қатаң ескертилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.