ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ ҚАРАРЫ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20l4-жыл 20-октябрьдеги «Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында рухсат бериў процедурасынан өтиў тәртиби ҳаққында»ғы 290-санлы қарары (ӨР НҲТ, 20l4 й., 43-сан, 530-статья)ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 20l8-жыл 25-декабрьдеги МЖ-02/02-3-5003-санлы усыныс хатын инабатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 20l8-жыл 25-декабрьдеги МЖ-02/02-3-5003-санлы усыныс хаты инабатқа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы аймағында 20l9-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине (Т.Хожаназаров), Ишки ислер министрлигине (А.Темирханов):

қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қоймаў жумысларын күшейтиў;

қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриў тапсырылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасына (Д.Бабажанов), Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети (Т.Хожаназаров), Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы (Б.Қутлымуратов), Ветеринария комитетине (М.Қайпанов) район ҳәкимлери менен биргеликте қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлап, базарларда сатылыўын қадаған етиў бойынша айқын ис-илажлар ислеп шығыў тапсырылсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети (У.Утамбетов), Қарақалпақстан Республикасы Аңшылар ҳәм балықшылар жәмийети (Н.Шарипов) қырғаўылларды қорғаў бойынша ведомостволық қадағалаў ҳәм олардың жасаў шараятын жақсылаў жумысларын алып барсын.
  3. Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлимине (Н.Айымбетов):

қырғаўыллардың бас санын анықлаў мақсетинде тийисли уйымлар менен биргеликте жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў;

қырғаўыллардың бас саны бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Министрлер Кеңесине мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.

  1. Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы (Б.Елманов), Баспасөз ҳәм хабар агентлигине (А.Бекмуратов) қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы кең көлемли үгит-нәсият жумысларын алып барыў усыныс етилсин.
  2. Бул қарар «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ҳәм Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб-сайтында жәриялансын.
  3. Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

l0. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ж.Казбековқа ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы Т.Хожаназаровқа жүкленсин.

 

Қарақалпақстан Республикасы    

Министрлер Кеңесиниң Баслығы       Қ.САРИЕВ.

l6-январь 20l9-жыл.