2019-жыл 20-январь күни намәлим шахс Әмиўдәрья районы «Бунёдкор» көшесинде пуқара Ў.А. ға тийисли болған қараўсыз қалдырылған «Ласетти» маркалы автомашинаны урлап қашқан. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Әмиўдәрья районы «Учқун» көшесинде жасайтуғын Ш.Д. мәс ҳалда әмелге асырғаны анықланып, усланған. Автомашина «Баркамол авлод» көшесиндеги салмаға түскен ҳалда табылған. Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги