ҚХР мәмлекетлик статистика бюросының мағлыўматына бола, Қытайдың  халқы (Гонгкон, Макао ҳәм Тайван администартивлик аймақлары есапқа алынбаған ҳалда) 2018-жылдың ақырында 5,3 миллионнан асып, жәми 1,395 миллиардты қураған.

  РИА Новостидиң еслетип өтиўинше, 2017 – жылы қытайлылардың саны 7,37 миллионға асқан.

Атап өтилиўиңше, 2018-жылы мәмлекетте 15,23 миллион нәресте туўылған ҳәм  9,93 миллион адам қайтыс болған болып, туўылыў ҳәм өлим коэффициентлери ҳәр мың адамға 10,94 ҳәм 7,13 тен туўра келген. Улыўмалық есапта халық санының 713,51 миллионын еркеклер, 681,87 миллионын болса ҳаяллар қураған.

16 жастан 59 жасқа шекемги болған мийнетке жарамлы  қытайлылардың саны 2017-жылы 901,99 миллионнан 897,29 миллионға қысқарған болып, мәмлекеттеги халықтың 64,9 проценттин қураған. 2018-жылы болса 60 жастағы кексе адамлар 249,49 миллионға жеткен.

Еслетип өтемиз, рәсмий статискаға бола, Өзбекстан Республикасы халқының саны 2018-жыл 1-январь ҳалатында  32653,9 мың адамды қураған болып, 2017-жыл менен салыстырғанда 1,7 процентке өскен.

Малохат Ҳусанова, ӨзА