Бугинги күнге келип дүнья жүзиндеги миллиардерлердиң дәраматы күнине 2,5 миллиард доллардан асып кетпекте, соның менен бир қатарда дуньядағы ең кәмбағал ярымының жасаў ушын дәраматлары азайып бармақта.

«Oxfarm International report» журналының дүйшемби күни дағазаланған мағлыўматына бола, ҳәзирги күнде пүткил дүнья бойынша миллиардерлердиң саны 2 мың 208ге жеткен.

Он жыл бурын жер жүзилик финанслық кризистен соң миллиардерлер саны дерлик еки есеге артқан.

Швейцарияның Давос қаласыңда өткерилген Пүткил жер жүзилик Экономикалық форум дүньядағы ең бай ҳәм ең атақлы инсанларды бирлестириўге ҳәрекет еткен. Форумда басып шығарылған 106 бетли есабат бай ҳәм кәмбағаллар арасыңда өсип баратырған бослыққа итибар қаратыўға мөлшерлеген.

Дүньяның ең бай 26 адамының жәми байлығы өткен жылы 1,4 триллион АҚШ долларын қураған – бул 3,8 миллиард кәмбағал адамлардың улыўмалық байлығы дегени.

Форбес журналының мағлыўматларына бола, бул мега байлардың көпшилигин америкалылар қурайды. Кандидатлар арасында Жефф Безос (Amazon),  Билл Гейтс (Microsoft),  Варрен Буффет (Berkshire Hathaway) ҳәм Марк Цукерберглер (Facebook) тийкарғы орынларды  ийелеген. Олардың байлығының улыўма суммасы 357 миллиард долларды қурайды.

ӨзА