АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳүкиметтеги «шатдаун» себепли айлықсыз ислеп атырған мәмлекетлик хызметкерлерди «уллы ўатансуйиўшилер» деп атады

«Вести.ру»дың «Интерфакс»ке тийкарланып жазыўынша, Трамп Твиттердеги бетинде усындай «барлық уллы инсанлар»ды шегарадағы кризисти тоқтатыў ушын «биргеликте» ислеўге шақырған. «Бизлер үлкен жеңисти қолға киргиземиз» деп атап өтти АҚШтың жетекшиси.

Ҳәзирги ўақытта АҚШтың 800 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметкерлери яки айлықсыз ислеўге мәжбүр, яки «шатдаун» ўақтында төлеп берилмейтуғын дем алысқа шығыўы керек.

Малохат Ҳусанова, ӨзА