Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған сексеўил егиў илажлары нәтийжели даўам етпекте.

Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларының Тоғай хожалықларының, Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери, жергиликли турғынлардың қатнасыўында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

20-январь күнги өткерилген илажларға жәми 1040 адам, соннан 200 ден асламы таярланған туқымларды қапларға жайластырыў, 775и жер орнын таярлаў ҳәм егиў жумысларына қатнасты. Олардың 533и басқа ўәлаятлардан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў жумысларын алып бармақта. Усы жумысларға жәми 549 техника, 2 самолёт тартылды.

Мапаз басынан берли сексеўил егиў ушын жәми 326060 гектардан аслам жер майданы таярланды. Cоннан 103 мың 235 гектарына 412 мың 275 килограмм сексеўил туқымы егилди.

Усы жумысларға тартылған АН-2 самолёты жәрдеминде 51800 гектар жерге 156600 килограмм сексеўил туқымы себилди.

Усы күнге шекем, жәми 622500 килограмм сексеўил туқымы таярланды.

Бүгингидей қарлы, жаўынлы күнлерде сексеўил егиў жумысларына қатнасып атырған исшилерге барлық қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде ыссы кийим-кеншек, палаткалар ҳәм вагонлардан дем алыў орынлары ажыратылған. Хызметкерлер үш мезгил ыссы аўқат  пенен тәмийинленбекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.