Ҳүкимет қарары менен Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасына өзгерислер киргизилди. Бүл ҳаққында Әдиллик Министрлигиниң “Huquqiy axborot”  каналы хабар бермекте.

   Киргизилген қосымшаларға муўапық, мийнетке ҳақы төлеўдиң 1-, 2- ҳәм 3- разрядларының коэффициентлери 2,476, 2,725, 2,998 ден тийисли түрде 2,847, 2,997, 3,148ге шекем көбейтилди.

Киргизилген қосымшалар соны билдиреди, хызметкерлерге төленетуғын мийнет ҳақының  ең кем муғдары 501 мың 959 сумнан 577 мың 172 сумға көбейтилди.

Енди, Өзбекстанда 577 мың 172 сумнан аз айлық мийнет ҳақы төлениўи мүмкин емес.

ӨзА