Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 2018-жыл жуўмақлары бойынша ҳәм Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилгениниң бир жыллығына байланыслы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова  2018-жылы усы пәрманның орыланыўы шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын атап өтти.

 

Илажда комитет баслығының исленген жумыслар ҳаққындағы есабаты тыңланып, республикамызда 8 орында «Ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт» орайлары ашылып, усы күнге шекем бул орайларға 25-50 жас аралығындағы 144 ҳаял-қыз мүрәжат еткен ҳәм барлық мүрәжатлар қанаатландырылғанын атап өтти. Сондай-ақ, 2018-жылы ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар алдыңғы жыллардан 49,7 процентке азайған. Аўыр турмыс шараятында жасап атырған 615 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген. 2019-жылы тағы да 650 ин жумысқа орналастырыў режелестирилген. Майыплығы бар 765 ҳаял-қызға майыплар арбашасы, реабилитация қуралларын алып бериў режелестирилген.

Өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 145 аўыр шараятта жасап атырған ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленди. Олардың басланғыш төлемлери республика бюджетинен тысқары қаржылар ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Жәмийетлик фонды есабынан төленди. Тыныш емес шаңарақлардың жағдайы үйренилип, 80 шаңарақта урыс-жәнжеллер сапластырылды. Комитеттиң имамхатиблер, мәҳәлле белсендилери менен бирге ислесиўи арқалы 1082 шаңарақ жарастырылды. 1863 ҳаял-қызға 7 процентлик,  1482 ҳаял-қызға 4 процентлик жеңилликли кредитлер ажыратылып, исбилерменликке тартылды.

Илажда аўыр шараятқа түсип қалған ҳаял-қызларға турақ жай бериўде бир қанша машқалалар бар екени де атап өтилди. Яғный Комитет тәрепинен басланғыш төлеми төлеп берилген турақ жайлардың кредит тийкарында төлениўи тийис қалған төлемин турақлы жумыс орнына ийе болмаған ҳәм айлығы аз ҳаял-қызлар төлеўге қыйналатуғыны есапқа алынбаған. Усы себепли келеси жылы олардың туўған-туўысқанларының да дәраматы көрип шығылыўы мақсетке муўапықлығы атап өтилди. Сырт еллерде жумыс ислеп жүрген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларды ҳәр тәреплеме қорғаў илажлары жолға қойылмағаны, олар мүрәжат етиўи ушын халықаралық  исеним телефонлары, социаллық тармақларда каналлар ашылмағаны сынға алынды.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова усы Пәрман тийкарында ҳаял-қызлар комитети жумысынан 4 тийкарғы бағдары ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслықларының жеке жуўап бериўи керек болған 3 бағдары белгилеп қойылғанын атап өтти.

Брифинг қатнасыўшылары тәрепинен усындай илажларды ҳәр айда өткериў усынысы берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.