«Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы» деп жәриялаў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемен.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев

Түркменстан Республикасы, Түркменбашы қаласы

24-август 2018-жыл.

  

Өткен әсирдиң 60-жыллары орталарынан баслап Арал теңизиниң суўы қайта баслағанлығы белгили болды. Соңғылығында суўдан қурғаған майданларда топырағының үстиңги қатламы дузлы қумнан ибарат «Аралқум» деп аталған жаңа шөлистанлық пайда болып, оғада аўыр экологиялық жағдайлар жүзеге келе баслады. Аймақтың ықлым шараяты өзгерди, көплеген орынларда топырақ, тәбийғый тоғайзарлар ҳәм жайлаўлар деградация (турақлы жарамсызлыққа, баҳалы қәсийетлерин ҳәм сапасын жойтыў)ға ушырады. Өсимликлер ҳәм ҳайўанатлардың көп түрлилиги кемейди, халықтың социаллық-экономикалық жағдайы төменлеп кетти. Сол жыллардан баслап бул машқаланы шешиў қолға алынғанда, бәлким аўҳал бүгинги дәрежеге келип жетпеспе еди?!

Усы мәселе бойынша ҳәм Аралбойы аймағында ҳәзирги күнде жүз берип атырған процесслер, социаллық-экономикалық өзгерислер ҳаққында аўыл-хожалығы илимлериниң докторы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, соңғы он жыллық ишинде бир неше мәрте Арал теңизи әтирапында дала изертлеўлерин алып барған белгили профессор Мақсуд Ибрагимовтың пикирин билиўге асықтық:

– Аралдың қурыўынан ең жәбир көрген аймақлар Өзбекстан Республикасының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты, Түркменстан Республикасының Ташаўыз ҳәм Қазақстан Республикасының Қызылорда областы болып, әсиресе, апатшылық ең көп  Мойнақ районына кери тәсир көрсетти. Теңиз қурый баслаған ўақытта районда 32 мың халық жасайтуғын еди. Олар ата-бабасынан киятырған балықшылық кәсибинен айрылып, балықшылықта қолланылатуғын әсбап-үскенелер пайдаланылмай қалды.

Теңиз суўының қайтып баратырғанлығы ҳәм оның кейин ала аймақта үлкен машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкинлиги ҳаққында бириншилерден болып қарақалпақ илимпазлары пикир билдирген еди. 70-жыллардың басларында Өзбекстан Илимлер Академиясының  Қарақалпақстан филиалында Арал машқаласына бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференция қарары бойынша «Аралтаныў» лабораториясын шөлкемлестириў усыныс етилди ҳәм 1976-жылы филиалдың «Есаплаў орайы» жанынан лаборатория шөлкемлестирилди. Оның тийкарғы ўазыйпасы – қурып баратырған Арал теңизи аймағында жүз берип атырған ықлымдағы ҳәм фитоценоз өзгерислери, өсимликлердиң динамикасы, топырақ қатламы бойынша изертлеўлер алып барыўдан ибарат болды. Сондай-ақ, Нөкис қаласында 1980-жыл 2-3-декабрь күнлери «Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья дельтасы машқалалары» атамасында Өзбекстан Илимлер Академиясы Президиумының көшпели мәжилиси болып, онда илимпазлар өз пикирлерин билдирди. Шайыр ҳәм жазыўшылар өз шығармаларында Аралды жырлады. Әсиресе, сүйикли шайырымыз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың «Аралды қайтарып бериңлер…» деп жазған муңлы қосықлары адамлардың жүрегин ләрзеге салды. Ал, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың Бурынғы Аўқам Жоқарғы Советиниң сессия мәжилислеринде сөз алып, Арал ҳаққында күйип-писип сөйлегенлери жәмийетшиликтиң есинен шыққаны жоқ. Усы арада Аўқам ҳүкимети тәрепинен Аралбойы аймағында болып атырған унамсыз жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша мәмлекетлик қарарлар қабыл етилди, бир қанша илимий-әмелий әнжуманлар өткерилди, илимий мақалалар ҳәм жойбарлар жәрияланды. 1990-жылы Арал бойында пайда болған экологиялық апатшылықтың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша ҳүкимет комиссиясы дүзилди ҳәм усы машқалаға байланыслы жойбарлардың таңлаўы жәрияланды. Таңлаўға 473 автордан 219 жойбар келип түскен. Жойбарлардың ишинде теңизге Сибирь дәрьяларының бир бөлегинен суў қуйдырыў мәселеси де бар еди. Бул жойбар узақ жыллар даўамында үйренип шығылды ҳәм оның есап-санақ жумыслары алып барылды. Жойбар Арал теңизи бойында жасайтуғын халықларда теңизге суў келеди, деген үмитти оятқан еди. Лекин бул ҳәм басқа да жойбарлардан ҳеш қандай нәтийже шықпады.

– Сизиң пикириңизше, жыллар даўамында топланған тәжирийбеге тийкарланатуғын болсақ, Аралдың бүгинги жағдайында машқаланы шешиўге қандай усыл пайда бериўи мүмкин?

Жақында kun.uz   сайтында еки жойбар жәрияланды. «Биз 60-жыллардағы суў муғдарын қайтарамыз, -деди биринши жойбардың авторы Олимжон Юсупов. – Дүньяда бундай технологиялар көп емес. Бизиң технологиямыз заманагөй, көшпели, және барлығы өзимизде таярланады. Система атмосфераға толық тәсир етеди. Ең әҳмийетлиси, Арал бойында тең салмақлылықты сақлайды».

Қытайлы илимпаз Чен Си «Илимий топарымыз бенен Тарим дәрьясында алып барған тәжирийбелеримизди және де кеңейтип ҳәм инновациялық идеялар менен байытып, Аралда сынап көрмекшимиз. Таримди тикледик. Аралды да қайтарамыз» дейди.  Мен олардың пикири қәте, деп айтыўдан жырақпан. Оларға бул ийгиликли жумысларында табыс тилеймен. Мениң пикиримше, енди Аралды суў менен толтырып болмайды. Оның ең дурыс жолы Президентимиз Шавкат Мирзиёев айтқанындай, суўсыз қалған теңиз ултанына шөлге шыдамлы өсимликлерди егип, жасыл жайлаўларды пайда етиў болып табылады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан қайта тиклеў бойынша алып бырылып атырған жумыслар мойнақлылардың өмир сүриўге, жақты келешекке деген исенимин арттырмақта.

Президентимиздиң басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен Аралбойы аймақлары ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилди. БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш фондтың жумыс басланыўына арналған илажда «Жәбирленген аймақлар тарийхында жаңа бет ашылмақта» деп атап өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында да усы мәселеге айрықша итибар қаратып, Аралбойы аймақларында экологиялық қыйыншылықларды сапластырыў ҳәм теңиздиң қурыған ултанында жасыл тоғайлықлар пайда етиў кереклигин көрсетип өтти. Президентимиздиң бул жерлер келешекте үлкен тоғайларға айланатуғынлығы ҳаққындағы пикирин С.Кабулов, В.Духовный, Н.Завялов, З.Новицкий, С.Шеримбетов сыяқлы илимпазлар да өзлериниң илимий мийнетлеринде тастыйықлап көрсеткен. Теңиздиң қурып қалған ултанындағы топырақтың агрофизикалық, агрохимиялық ҳәм механикалық қурамын, өсимликлер флорасын, аймақтағы шөлге шыдамлы өсимликлерди егип көбейтиў технологиясын көп жыллар даўамында спутник арқалы ҳәм аймақты аралап үйренген бул илимпазлар аймақта, әлбетте, өсимлик өседи ҳәм усы жерлерден шарўа маллар ушын жайлаў сыпатында пайдаланыўға болады, деп айтқан. Усы изертлеўлер теңиз ултанында өсимликлерди қолдан егип ҳәм тәбийғый усылда көбейтиўге болатуғынлығын дәлийллеген.

Аралдың қурғаған ултаны шөлге шыдамлы өсимликлер менен қапланса, зәҳәрли дузлы шаңлардың атмосфераға көтерилиўи ҳәм қумлардың көшиўи кемейеди. Өсимликлер өз денесинде суўды пуўландырып, ҳаўа ҳәм топырақ ығаллылығын арттырады. Өсимлик ҳәм ҳайўанлардың және де көбейиўи ушын қолайлы шараятлар жаратылып, аймақтың экосистемасына унамлы тәсир жасайды. Бул майданларда жасалма ямаса тәбийғый усылда өсимликлерди көбейтиў жаңа үлкен көлемдеги жайлаўлардың жүзеге келиўине хызмет етеди. Мениң усынысым, теңиздиң қурыған түби физикогеографиялық жақтан ҳәр қыйлы ландшафтлы структурадан ибарат болып, олардың геоморфологиялық қурылысы, өсимликлер менен қапланыў дәрежеси бирдей емес. Сонлықтан, жаңадан тоғайзарлықларды пайда етиў ҳәм жайлаўлардың майданы менен олардың от-жемликке жарамлылық дәрежесин анықлап алыў ушын ҳәзирден баслап Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Бухарадағы Өзбекстан қаракөлшилик илимий изертлеў институты биргеликте терең илимий изертлеў жумысларын алып барыўы керек.

Ертеде шөлге шыдамлы өсимликлер егилген ҳәм тәбийғый жол менен шөплер шыққан майданларда 1-2 мың бас қой, ешки бағыўға мөлшерленген қаракөлшилик ҳәм ешкишилик, 100-200 бас түйе сақлаўға арналған бир түйешилик тәжирийбе фермер хожалықларын шөлкемлестириўди усыныс етер едим. Ҳәр бир фермер хожалықлары жайласқан орынларда 2-3 артезиан қудықлары бар болса, мақсетке муўапық болады. Бул хожалықлардың 2-3 жыллық тәжирийбелерине тийкарланып, аймақты шарўашылық зонасына айландырыўға болады.

Мағлыўматларға қарағанда, XX-әсир соңынан баслап жайлаўларда көп муғдарда шарўа малларын жайыў, шөл өсимликлерин тамырына шекем шаўып алыў нәтийжесинде шөллер де өнимдарлығын жоғалтып бармақта. Шөлди гүллендириў мақсетинде сонша илажлар алып барылып атырған бир ўақытта ол жердеги өсимликлерге малларды апарып жайыў дурыс болармекен? Бул ҳаққында пикириңиз қандай?

Бириншиден, бүгинги күнде Өзбекстанда жайлаў ушын пайдаланылып киятырған майданлардың 17,4 миллион гектары шөл аймақларына туўра келеди.  Мағлыўматларға қарағанда, буннан 20-30 жыл бурын теңиздиң қурғаған ултанында егилген майданларда әллеқашан жасалма ҳәм тәбийғый жайлаўлар пайда болған. Демек, алдағы ўақытларда арадан жыллар өтип, Арал теңизиниң ултаны кең көлемдеги от-жемлик азықлық затларға бай жаңа жайлаўға айланыўы мүмкин.

Екиншиден, соңғы 15-20 жыл ишинде жайлаўлардан нормадан артық пайдаланыў ҳәм антропоген тәсирлер нәтийжесинде, ҳақыйқатында да, Қызылқум ҳәм Үстирт кеңислигиндеги тәбийғый жайлаўлар деградацияға ушырап, өсимликлердиң зүрәәтлилиги пәсейип кеткен. Ҳәзирги ўақытта шөл жайлаўларының зүрәәтлиги жылына орташа 1,5 процентке кемейип бармақта. Бул жайлаўлардың жылына 16,5 мың гектары, ал, 20 жыл ишинде 465 мың гектар майданы деградацияға ушыраған деген сөз.

Усыны есапқа алсақ, алдағы ўақытларда Арал теңизиниң ултанында жаңадан пайда етилген жайлаў майданлары шарўашылықты раўажландырыўдың тийкарғы зонасы болатуғынлығына гүмән жоқ. Ендиги ўазыйпа – усы жаңадан пайда болған жайлаўлардан үнемли пайданалыў ҳәм бул жерлерди шарўашылық зонасына айландырыў. Аймақта шарўашылықты раўажландырыў арқалы жүн, қаракөл териси жетистирилиўи, оларды қайта ислейтуғын завод, кәрханалар ашыў нәтийжесинде шарўашылық кластерин әмелге асырыўға ҳәм көплеген жасларды жумыс орынлары менен тәмийинлеўге болады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде  елимиз социаллық-экономикалық жақтан жедел раўажланбақта. Әсиресе, Мойнақ районы халқы аймақта әмелге асырылып атырған жаңаланыўлардан оғада қуўанышлы. Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген елимизди және де раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўына ҳәр биримиз өз үлесимизди қосыўымыз лазым.

Сәўбетлескен: М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.