Жақын 50 жыл ишинде «Апофис» астероиды планетамыз бенен соқлығысыўы мүмкин. Санкт-Петербург университети илимпазларының пикиринше, әйне үсы мүддетке астероидтың ҳәрекет траекториясы Жер менен кесилисиў итималы бар.

«Россия 24»тиң атап өтиўинше, университет илимпазлары 2029-жылы аспан қубылысы планетамызға қәўипли жақын аралықта ушып өтиўин болжамақта. Бул Жер менен Ай арасындағы аралықтан 10 мәрте жақын.

Буннан алдын, НАСА қәнигелери ҳәм Жердиң астероид пенен соқлығы қәўпи ҳаққыңда мәлим еткен болса да, итималлы ҳәдийсениң анық муддетин турақлы алға жылжытып киятырған еди.

Мағлыўмат орныңда «Апофис» астероидының диаметри 325 метрден ибарат. Бул аспан қубылысы 2004-жылы анықланған болып, сол ўақытта бул ойлап табылған нәрсе адамлар арасында үлкен ғалаўытты келтирип шығарған еди. Илимпазлардың есап-санағына қарағанда, оның Жер менен соқлығысыў итималы 2,7 процентти қурайды.

 

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА