Ҳиндистанның Гужарат штаты Аҳмадобод қаласында 17-январь күни Өзбекстан – Ҳиндистан исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

     Илаж Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Ҳиндистан санаат конфедерациясы тәрепинен мәмлекетимиздиң Ҳиндистандағы елшиханасы ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жылы Ҳиндистанға мәмлекетлик сапары алдынан Нью-Дели қаласыңда Өзбекстан – Ҳиндистан бизнес-форумы өткерилип, Ҳиндистан  санаат конфедерациясы ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы арасында Өзбекстан – Ҳиндистан исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойылған еди. Бүгинги күнде бул кеңес түрли тараўларға инвестицияларды кеңнен тартыў, саўда, транспорт байланысларын раўажландырыў, өз-ара транзит жолларын кеңейтиў, бажыхана тарифлерин қысқартыў ҳәм еркин экономикалық зоналарда кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўда жаңа имканиятлар майданына айланбақта.

Мәжилисте Өзбекстан тәрепинен Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, Саўда-санаат палатасы баслығы Адҳам Икромов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Суҳроб Холмуродов, Ҳиндистан тәрепинен Ҳиндистан санаат конфедерациясының президенти ҳәм «Bhаrti Enterprises» компаниялар топары баслығының орынбасары Ражеш Бхарти Миттал, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, аўыл-хожалығы, мәлимлеме технологиялары, электроэнергетика, қурылыс, химия ҳәм тоқымашылық санааты, туризм ҳәм мийманхана иси сыяқлы тараўларда жумыс алып барып атырған жетекши компаниялардың баслықлары қатнасты.

Илажда еки мәмлекет компаниялары арасында санаат кооперациясын және де раўажландырыў, ҳинд компанияларын Өзбекстанға кеңнен тартыў, биргеликте бизнес-форум ҳәм көргизбелерди шөлкемлестириўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.

Мәжилисте медицина, фармацевтика, аўыл-хожалығы, мәлимлеме технологиялары, электроэнергетика, қурылыс, химия, жеңил санаат, туризм ҳәм мийманхана бизнеси бойынша жумыс алып баратуғын ҳинд исбилерменлери менен Өзбекстанның бизнес шөлкемлери ашық сөйлесиў өткерди.

2.JPG

5.JPG

– Өзбекстан – Ҳиндистан исбилерменлер кеңеси мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде дүзилген, – деди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икрамов. – Мәжилисте фармацевтика, тоқымашылық, хызмет көрсетиў, логистика ҳәм инвестиция бағдарларыңда бирге ислесиў мәселелери додаланды. Ҳиндистан санаат конфедерациясы ҳәм ҳинд исбилерменлери елимизге бизнес делегацияларын жибериўди мәлим етти. Сондай-ақ, Ташкентте Ҳиндистан санаат конфедерациясынын турақлы ислейтуғын офисин ашыў, октябрь айында екинши мәжилисин өткериў бойынша келисип алдық.

Әндижан ўәлаяты ҳәм Гужарат штаты арасындағы экономикалық бирге ислесиў де жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң нәтийжеси болып есапланады. Әндижан ўәлаятында ҳинд инвесторларының қатнасыўында жәми 206 миллион долларға тең жойбарлар үстинде жумыс басланды. Булардан алтаўы фармацевтика тараўына тийисли, және 3 кәрхана менен сөйлесиўлер алып барылмақта. Бул жойбарлар Президентимиздиң 2019-жыл 14-январьдағы «Әндижан-фарм» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы менен Әндижанда шөлкемлестирилген Өзбекстан-Ҳиндистан еркин фармацевтика зонасында әмелге асырылады.

Илаж жуўмағында исбилерменлер кеңесиниң кейинги мәжилисин Ташкент қаласында өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

Усы күни Гандинагар қаласында «Хәўижли Гужарат» саммити шеңберинде халықаралық саўда көргизбеси ашылды. Онда Өзбекстан, Канада, Франция, Норвегия, Нидерландия, Польша, Япония, Корея Республикасы, Тайланд, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қубла Африка Республикасы, Австралия мәмлекетлеринин стендлери көрсетилмекте.

Көргизбе майданларында аэрокосмос ҳәм қорғаныў, агросанаат, биотехнология, химия ҳәм жанылғы химиясы, комплектлеўши бөлеклер, электроника, экология, қымбат баҳалы таслар ҳәм зергерлик буйымлары, денсаўлықты сақлаў, инфраструктуралық ҳәм мегажойбарлар, фармацевтика сыяқлы 25 сектор бойынша халықаралық ҳәм жергиликли стендлер орнатылған. Көргизбеде дунья санаатынын жетекши брендлери жаңа өнимлерин ҳәм қолланбаларын көрсетпекте.

Көргизбениң салтанатлы ашылыў мәресимине Ҳиндистан Бас министри Нарендра Моди қатнасты. Бас министр ҳалықаралық павильонларды көзден өткериў барысында елимиз стенди менен де танысты.

Бүгинги күнде ҳинд исбилерменлери елимизде бизнес жүргизиўге үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет бизнес орталығын жаратыў бойынша жойбарларды турмысқа енгизип атыр. Фармацевтика, денсаўлықты сақлаў, туризм, медициналық туризм, мәлимлеме технологиялары, аўыл-хожалығы, минерал ресурслар, сондай-ақ, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металларды қазып алыў, инфраструктура және заманагой арзан турақ жайлар қурылысына байланыслы еки тәреплеме бирге ислесиў ушын перспективалы болып есапланады.

Көргизбеде мәмлекетимиздиң аўыл-хожалығы, өнерментшилик, мәлимлеме технологиялары сыяқлы жетекши тараўларының өнимлери Ҳиндистан исбилерменлеринде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Онын шеңберинде өз-ара пайдалы келисимлерге қол қойылыўы режелестирилмекте.

Усы көргизбе еки мәмлекет исбилерменлери арасында саўда байланысларының кеңейиўин қоллап-қуўатлаў, жаңа қоспа кәрханалар санын ҳәм де өз-ара товар айланысын арттырыўға хызмет етеди.

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Аҳмадобод, Ҳиндистан.