Айда Қытайдың “Чанъэ-4” аппараты лабораториясыңда өндирилген шигит набыт болды.

    Бурынрақ, Қытай аэрокосмослық илим ҳәм техника корпорациясының илимпазлары Ай қәддиндеги лабораторияда шигит өндириўге муўапық болғанлығы хаққында хабар берген еди. “Вести.ру”дың мәлим етиўинше, өсимлик Айдың 170 дәрежели суўық түнинде набыт болған.

Айда дәслепки пахтаның когертиўге муўапық болған илимпазлардың тән алыўынша, олар тәжрийбениң узақ даўам ететуғынына үмитленбеген.

Мағлыўматларға бола, Айға шигиттен басқа, картошка, дала капустасы сыяқлы өсимликлердиң тухымлары да алып шығылған болып, олар “Lunar Micro Ecosystem” мини биосферада өнип шықпаған.

Айда тартыў күши төмен, нурланыў күшли, күн ҳәм түнниң температурасында кескин парық бар. Олардың ҳәммеси өсимликлер ушын кери тәсир көрсетеди.

Еслетип өтемиз, “Чанъэ-4” Айдың Қубла полюс районы Эйткенге быйылғы жылдың 3-январында қонған еди.

Малоҳат Хусанова, ӨзА