Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) мирәтине бола Россия Федерациясының Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Татьяна Москалькова басшылығындағы делегация мәмлекетимизге келди.

Сапар етиў шеңберинде 16-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасыңда еки мәмлекет Омбудсманларының бирге ислесиўине бағышланған халықаралық дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Наримон Умаров, Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил Улуғбек Муҳаммадиев, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов ҳәм басқалар делегация ағзаларының мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарыңда алып барылып атырған жумыслардың мазмуны менен таныстырды.

Глобал көлемде алып қарағанда, бүгин дүньяда инсан ҳуқықларына байланыслы мүнәсибетлер барған сайын әҳмийетли  болып бармақта. Әсиресе, халықлар, мәмлекетлер арасыңда сиясий, гуманитарлық қатнасықларды муўапықластырыўшы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ағзалығынан дүньяның жетекши мәмлекетлери шығып кетип атырғаны бул процессти буннан былай да жеделлестирмекте.

Россия Федерациясының Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Татьяна Москалькова дүнья жүзиндеги инсан ҳуқықлары тараўыңда жүзеге келип атырған машқалаларды тилге алып, Өзбекстан  әне сондай жағдайда тек ғана ишки емес, ал сыртқы сиясатта да инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў ислерине системалы қарап атырғанын атап өтти.

-Мәмлекетиңизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинлилерине  әмел етилиўин мониторинг етиў бойынша тәсиршең механизмлер ислеп шығылған болып, инсан ҳуқықлары бойыңша институтлар раўажланбақта, – деди Т.Москалькова. – Буған мысал Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы болып табылады. Усындай структура бизде еле жоқ, бирақ усы жылдан баслап шөлкемлестириўди режелестирдик.  Делегациямыз илаж барысыңда инсан ҳуқықлары тараўыңда Өзбекстан тәжирийбеси менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болады, – деп үмит етемиз.

Өзбекстан менен Россия Омбудсманлары арасында бирге ислесиў раўажланбақта ҳәм бул процесс халықаралық форумлар шеңберинде избе-из қәлиплестирилген. Сондай-ақ, Россия Федерациясыңда жумыс алып барып атырған инсан ҳуқуқлары бойынша ўәкиллер менен бирге ислесиў беккемленип келмекте. Мәселен, 2015-жыл менен салыстырып қарағанда 2018-жылы тәреплердиң қатнасыўыңда көрип шығылған ислер саны 2,5 есеге артқан.

Илаж соңыңда тәреплер арасында өз-ара шериклик хаққындағы меморандумға қол қойылды. Бул хүжжет пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў, мәлимлеме-таллаў ҳәм ҳуқықый материалларды алмасыў, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық тәжирийбе ҳәм алдыңғы исленбелерди үйрениў, халықаралық шөлкемлер ҳәм форумлар шеңбериндеги конференциялар, семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Т.Москалькова Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддинжон Исмоилов пенен де ушырасты. Мийманларға, мәмлекетимизде Балалар ҳәм жаслар ҳуқықлары бойыңша Омбудсман институтын енгизиў мәселеси үйренип шығылып атырғаны хаққыңда мағлыўмат берилди.

Сәўбетте тәреплер байланысларды раўажландырыў имканиятларын, соның ишинде мийнет миграциясы ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый базаны жетилистириў мәселелери бойынша бирге ислесиўге келисип алды.

Россия Федерациясының Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Т.Москалькова басшылығындағы  делегация сол күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдашев пенен ушырасты.

Россия делегациясы 17-январь күни Самарқанд ўәлаятына барып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасының жумысы менен танысады.

2.jpg

5.jpg

9.jpg

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы