16-январь күни Тақыятас районында Өзбекстан Жаслар аўқамы жанындағы Жас фермерлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен «Барлығы жас фермерлердиң келешеги ушын» атамасында шеберлик сабағы ҳәм агросаяхат өткерилди.

Оған район ҳәкимлиги, Әдиллик бөлими, Мәмлекетлик хызметлер орайы, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, коммерциялық банклердиң ўәкиллери ҳәм «Жаслар келешегимиз» қоры хызметкерлери қатнасты.

 

Ушырасыўда жасларға арнаўлы қәнигелер тәрепинен  район жаслары ҳәм жас фермерлерине аўыл хожалығы тараўын реформалаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, алдынғы технологияларды енгизип, балықшылық, қусшылықты раўажландырыў бойынша кең түрде түсиник берип өтти.

Ушырасыў даўамында жаслар «Жаслар келешегимиз» қорынан жеңиллетилген кредит алыў ҳәм дизимнен өтиў, қара малларды қамсызландырыў, фермер хожалығын көп тармақлы фермер хожалығына өткериў сыяқлы сораўларына жуўап алды.

Буннан соң, жаслар «Шержанов Мурат» көп тармақлы фермер хожалығына саяхат етип, ол жерде шарўашылық, пал ҳәррешилиги, ыссыханалардан ҳәм аўыл хожалығы технологияларынан пайдаланыў бойынша билимлерин арттырды.

Сондай-ақ, жаслар сол күнниң өзинде райондағы 2 гектар жерге қурылған «Green House Gold» ЖШЖ ыссыханасы менен танысты ҳәм ис жүргизиўшиси Атабек Шодиевтан помидор жетилистириўдиң өзине тән усыллары бойынша түсиниклерге ийе болды.

Жаслар өзлерин қызықтырған инновация ҳәм бизнеске тийисли  сораўларына жуўап алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)