Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери тәрепинен 2018-жыл 15-декабрьде Нөкис қаласындағы ЖШЖлердиң бирине тийисли ыссыханада үйрениў жумыслары алып барылғанында, оның газлестириў ушын зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестирмей турып тәбийғый газден пайдаланып, мәмлекетке оғада көп муғдарда, яғный 233 миллион 642 мың сумлық зыян келтиргени анықланды.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, ЖШЖ баслығының орынбасары А.Б. усындай нызамсыз ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 4-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислеген.

Сондай-ақ, үйрениў барысында усы ЖШЖ Электр тәмийнаты кәрханасы менен еки тәреплеме шәртнама дүзбестен, улыўмалық пайдаланыўдағы электр энергиясынан нызамсыз түрде пайдаланып, мәмлекет мәплерине 11 миллион 266 мың 920 сумлық зыян келтиргени белгили болды.

Усы факт бойынша тийисли түрде тергеў алды жумыслары алып барылып, ЖШЖ баслығының орынбасары А.Б.ға нызам талаплары түсиндирилди ҳәм баянлама рәсмийлестирилди.

Көрилген илажлар нәтийжесинде жуўапкер тәрепинен тәбийғый газден нызамсыз түрде пайдаланғаны себепли келтирилген зыян қапланып, оның  электр тармағынан нызамсыз түрде пайдаланғаны ушын топланған материаллар ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилери бойынша көрип шығылыўы ушын Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судына жиберилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.