Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-январь күни «Динамикалық Гужарат – 2019» IX халықаралық инвестиция саммитине қатнасыў ушын Ҳиндистанға жөнеп кетти.

a1471787-ca03-2eb5-c37d-5168e562dd5d.jpg

Саммиттиң тийкарғы илажлары ертең, 18-январь күни болып өтеди.

Мәмлекетимиз басшысы саммиттиң жалпы мәжилисинде шығып сөйлейди, сондай-ақ, Ҳиндистан Бас министри Нарендра Моди менен сөйлесиў өткереди.

Нарендра Модидиң басламасы менен 2003-жылдан берли Гужарат штатының орайы Гандинагар қаласында өткерилип киятырған «Динамикалық Гужарат» саммити региондағы ең ири халықаралық форумларынан бири болып есапланады.

Ҳиндистан фармацевтика санаатының орайы болған Гужаратта дүньядағы ең алдыңғы компаниялар жумыс алып барады. Саммит шеңберинде олар менен мәмлекетимиз компаниялары ҳәм аймақлары арасында саўда ҳәм бизнести кеңейтиў имканиятлары көрип шығылады.

 

Улуғбек Асроров, ӨзА