Билимлендириў сапасын қадағалаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 1-марттан баслап сырт еллерде берилген билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин дизимге алыў) тәртибин енгизиў бойынша төмендегилерди нәзерде тутыўшы:

А) Өзбекстан Республикасы аймағында айрықша бөлимлери (филиаллары) ҳәм биргеликте ашылған билимлендириў мәкемелери жумыс алып барып атырған сырт елли билимлендириў мәкемелеринде оқыған Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Мәмлекетлик инспекциясының биргеликтеги қарары тийкарында дизими ҳәр жылы тастыйықланатуғын халықаралық тән алынған шөлкемлердиң рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1 000 орынды ийелеген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралардың;

Қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери болған Өзбекстан Республикасы министрлик ҳәм ведомостволардың жолламалары тийкарында қәнигелерди мақсетли таярлаў ушын сырт мәмлекетлер тәрепинен ажыратылған квоталар (грантлар) есабынан билим алған пуқаралардың;

1992-жыл 1-январьға шекем сырт ел билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирген пуқаралардың;

Жоқары билимлендириўде сапаға кепиллик бериў бойынша Европа ассоциациясының толық ҳуқықлы ағзалары – ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде оқыған пуқаралардың, дизими Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын бағдарлар, қәнигеликлер ҳәм кәсиплер буларға кирмейди;

АҚШ, Австралия, Израиль, Канада, Сингапур, Корея Республикасы, Япония мәмлекетлериниң усы мәмлекетлердиң ўәкилликли шөлкемлери тәрепинен аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алған пуқаралардың, дизими Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын бағдарлар, қәнигеликлер ҳәм кәсиплер буларға кирмейди;

Сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелерди мақсетли түрде таярлаў ушын Өзбекстан Республикасының министрлик ҳәм ведомостволары тәрепинен ажыратылған қаржылар есабынан билим алған пуқаралардың;

Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары, Президент ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларда билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тиккелей (арнаўлы сынақларсыз) тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин дизимге алыў);

Б) Билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин дизимге алыў) ҳаққындағы арзаларды тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыллаў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

 

Мәмлекетлик инспекциясына төмендеги қосымша ўазыйпалар жүклетилди:

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелери рейтингин дүзиў ҳәм рәсмий түрде жәриялаў;

Оқыўшылардың билим дәрежесин баҳалаў бойынша халықаралық бағдарламалары ҳәм изертлеўлерде Өзбекстан Республикасының қатнасыўын тәмийинлеў;

Дүньяның жетекши рейтинг шөлкемлери менен бирге ислесиў ҳәм миллий жоқары билимлендириў мәкемелериниң усы рейтинглерге кириўине ҳәр тәреплеме көмеклесиў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.