«Қарақалпақгидромет» орайының мәлим етиўинше Қарақалпақстан аймағында 1-4-ноябрь күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды, 2-ноябрьде айрым жерлерде азлы-кем жаўын жаўады. Самалдыӊ бағыты шығыстан батысқа өзгерип, тезлиги 7-12  м/с, 2-ноябрьде самал күшейип тезлиги 17-22 м/с қа жетеди.

Ҳаўаның температурасы 1-ноябрьде түнде 9+14° жыллы, күндиз 15+20°  жыллы, 2-ноябрьде түнде ҳәм күндиз  9+14° жыллы, 3-4-ноябрьде түнде 3+8° жыллы болады, күндиз 9+14° жыллыдан 12+17° жыллыға көтериледи.