Бизлер өткен әсирдиң 80-жыллары улыўма билим бериў мектебинде оқыдық. Мен барлық сабақлардан айрықша баҳаларға оқыйтуғын едим. Бир ўақыя еле ядымнан кетпейди.

Бир күни мен денсаўлығыма байланыслы сабақларға таярлана алмағанлығым себепли физика пәнинен «2» баҳасын алып қойдым. Алдын бундай төмен баҳа алып көрмегеним ушын ба, бул жағдай мениң руўхыятыма жаман тәсир етти. Үйге жүдә қапа болып бардым. Болған ўақыяны ата-анама айтып бердим. Сонда әкем қолына қағаз-қәлем алып бир нәрселерди есаплай баслады ҳәм маған:

– Қапа болма. Руўхыңды түсирме. Сол төмен баҳаны айрықша баҳаға айландырыў ушын сен бир шерек даўамында физикадан 9 «5» баҳасын алыўың керек. Сонда шеректе «5» баҳасына шығасаң, – деди.

Менде үмит ушқынлары пайда бола баслады. Сөйтип, мен ертеңине физика муғаллимине барып төмен баҳаны айрықша баҳаға айландырыў жолын айттым ҳәм сол күннен баслап мениң «жиним» физика сабағы болды. Күни-түни тынбай оқып, есаплар шығарып, тахтаға шығып жоқары баҳаларды ала бердим. Шерекке жақын мен физикадан 10 «бес» баҳасын алдым. Нәтийжеде шерекке «5» баҳасына шықтым.

Мен буның менен не демекшимен? Баҳалаў системасында оқыўшының бир семестр даўамында алған улыўма баҳалары қосылып, орташа баҳа шығарылса, жуўмағында сол баҳа қойылса, сонда оқыўшының оқыўға деген умтылыўшылығы ҳәм қызығыўшылығы артар еди.

Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында 1-курс студентлериниң баҳалаў системасында бир кемшилик бар. Студенттиң күнделик ҳәм аралық бақлаўлардан алған баҳалары жуўмақлаўшы бақлаўда «күйип» кетиўи мүмкин. Себеби, студенттиң күнделик ҳәм аралықта топлаған баҳалары жуўмақлаўшыда есапқа алынбайды. Бул турмыслық логикаға ҳеш туўра келмейтуғын жағдай. Бул нәрсе студентлердиң оқыўға деген қызығыўшылығын сөндиреди, деп ойлайман. Сонлықтан, билимлендириўде баҳалаў системасы әпиўайы ҳәм студентлер ушын қолайлы болыўы керек.

Демек, 5 баллық баҳалаў режесин қайта көрип шығыў керек, деп ойлайман.

 

П.Дабылов,

НМПИ Филология факультети деканы орынбасары.