27-октябрь күни Нөкис темир жол вокзалында 18-25-октябрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Москва қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша «Гүзги намалар» атамасында өткерилген халықаралық турнирдиң сыйлы 3-орын ийелери Дилафруз Салиева, Шахзада Иброгимова ҳәм Амелия Парахатоваларды күтип алыў мәресими өткерилди.

Спортшы қызлар пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары  болып, олар тийкарынан бул турнирге спорт шебери бағдарламасы (Д.Салиева) ҳәм спорт шеберлигине талабан бағдарламасы (Ш.Ибрагимова ҳәм А.Парахатова) бойынша табыслы қатнасып қайтты.

Спортшыларды халықаралық турнирге тренери Нигора Палванова таярлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги