Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндистан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң мирәт етиўине бола «Динамикалық Гужарат – 2019» IX халықаралық инвестиция саммитине қатнасыў ушын 2019-жыл 17-18-январь күнлери усы елде әмелий сапар менен болады.

Мәмлекетимиз басшысы саммит жалпы сессиясында шығып сөйлейди, сондай-ақ, Өзбекстан – Ҳиндистан бирге ислесиўи, халықаралық ҳәм регионаллық сиясат мәселелерин додалаў ушын Бас министр Нарендра Моди менен сөйлесиўлер өткереди.

Бас министр Нарендра Модидиң басламасы менен 2003-жылдан берли Гандинагар қаласында өткерилип киятырған «Динамикалық Гужарат» саммити региондағы ең ири халықаралық форум есапланады. Онда мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, министрлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм трансмиллий корпорациялардың басшылары, жетекши аналитиклер, экспертлер қатнасады.

Дәстүрге бола, глобаллық экономиканы раўажландырыў, саўда тараўындағы шерикликти кеңейтиў, инвестицияларды тартыў, алдыңғы технологиялар ҳәм билимлер алмасыўына байланыслы әҳмийетли мәселелер форум қатнасыўшыларының дыққат орайында болады.

ӨзА