Өмирбай Өтеўлиев,

жазыўшы, журналист

 

Көз көрип, қулақ еситкен әңгимелер

ЛАЙКА МЕНЕН БЕЛКА

Жайы жәннетте, топырағы торқа болғыр үлкен атамыз Алланазар шикарға шықса жүйриктен сайлап ат минип, ердиң үстинде туғырысына қонақлаған қаршығасындай қанатлап отыратуғын еди. Жаслығында қасқырды қурық таслап услайтуғын жылқыман болыпты. Үзенгиге табан тиреп, қолына қус қондырғанлары, аяқлары жел илмей, аспандағы ушқан қусларға аўыз салатуғын «Аққумай» тазысына жол баслатқанларын көрдим. Әттең, көз алдымнан кетпейтуғын сол сән-салтанатларын естелик ушын художникке сыздырып я сүўретке түсиртип қалмағаныма кеўлим өкинишке толы.

Қусларын өз алдына алты қанат қара үй тиктирип сақлады. Қуралайдың көзинен атқан мергенлигине өзиндей мерген я көрген адамлар ғана исенеди. Үстиндеги қасқыр ишигин сегиз териден тиктиргенин, басындағы  түлки тумақтың өз алдына тарийхы барын айтқаны менен еситпедим. Дәрья. Теңиз, Үстирт тәрепте өткен балалық жыллары күшине шыдамай айға шаўып, мерт болысқан жолбарыслардың ең соңғыларын көзи көрипти.

Аўыз суў жоқ жерге қус ҳәм қонбайды. Қусты қусқа услатқан, қаршығасының жемин лашыны жемеген. Ғарғадай сақ, қус уйқылы, аттың үстинде қас-қағымға мүлгип, бедеўи жорғалағанын, тазысы үргенин хош көрмес еди. Жетпистиң төртеўине шыққанша «жүрген дәрья, отырған бойра» менен жолға атланып кетсе изине ат басын емес, өзи мойнын бурып қарады. Мылтық болса аң-қус, аң-қусы болмаса мылтық жоқта қақпан, дузақ-тор менен асымлығын алғанына қәнәәт етип, қырғын тийгизбеди…

Жақсы адамның ийти де ақыллы болары сонда билинди. Сетемшил ийтимиз жолаўшылап баратырған биреўге узақтан үргени ушын тил тийгизгенге: «Ийти үрсе ғана ийесиниң кеўли көтериледи. Ийт тегинге жети ғәзийнениң бирине кирмеген. Ийтке ийтше қатнас жасасаң үреди-дә! Ийттен уялмасаң да ийесинен уял. Үйдеги ҳәр күни асылатуғын қара қазанға ийтиңниң несийбесин қосып салдың ба? Аўырғаныңда анаң жети үйдиң ийтаяғына шомылдырып, саўалтпады ма?» деп әдеўир кейип таслады.

– Ийт – жанлы мақлуқлардың ишинде адамға биринши баўыр басқан, ең жақын, опадар досты. Урыста төбемизден снаряд түсип, окопта топыраққа астына көмилип жатсам белине «аптечка» деген жазыўлы қалта байлаған санитар ийт аяқлары менен топырақты тырмалап, ашып алды. Ийт көзинде сонда мүриўбет көрдим! – деп биразға шекем ашыўын баса алмай жүрди.

Атынан көре тазысы, ийт туқымына ҳүрмети күшли еди. Бир сапары, ийтсиз күни жоқ, дүздеги қой бағатуғын шопан бирәдары еле көзлерин ашпаған еки күшигин берип жиберипти.

– Ийттиң сыртланын бөри билген. Қасқырға шабатуғын ҳасыл ийттиң туқымлары. Заманға сай, космосқа адамзаттан бурын ушып барып, ушып келген Лайка менен Белканың атларын қояйық, – деп өзи айтып, өзи қойды.

Лайка менен Белка өсе келе жуўан қабырғалы, даўыслары биринен бири жуўан ийтлер болды. Сөйлеўге тили жоқ демесең адамдай, кеўлиңдегини биледи. Өристеги малларымыз түўел, бурын аўыл арасын басларына «кийген» қасқырлар айбынып, соқпақларын бурыў салысты. Адам жатырқамайтуғын орталық ийтлерге айланып, ким аўға шығатуғын болса, изине ертип кетеди. Мийнетине берген бир қырғаўылын  мойнына илдирип жиберсе аманатқа қыянет етпей, туўры үйге әкеледи. Желаяқ тазыдай кийиклерди де узаққа қашырмай, тирсегинен тислеп я үстине секирип минсе жағы қарысқаннан жаздырылмай, салпылдап жүргенде атамыз изине «Алҳа-ал!»лап жетсе ғана ажыратып алар еди. Атқан оқлар қалпал тийип, шала-жансар болған қырғаўыллар қалың бүкликке қуласа яки қоянлар жан сақлап тығылса еңбеклеўи менен қуўып шығарғанларын мергенлер аңсат атысқан…

Атамыз даўасы жоқ жапсаққа шалынғанына бизлерден бетер қыйналысты. Табытын көтерип баратырсақ аты оқырана киснеўи менен шылбырын үзип, қуслары жети күнге шекем аўылдың үстинде қалқып ушты. Лайка менен Белкасы айлап нәр татпай, ишлери қабысып, өлимтигин көрсеткиси келмегендей қараларын батырысқанда излеп, ҳәлекке қалмадық…